Балаларға үзликсиз есап шығартып ямаса қағыйдаларды ядлатып жақсы нәтийжеге ерисиў қыйын. Олардың логикалық ойлаўы менен есте сақлаў қәбилетин арттырыў, әлбетте, балалар ушын ойын формасында болыўы керек. Биз төменде усындай ойынлар ҳаққында сөз етемиз.
1) Рубик кубиги
Бул басқатырма ойыншық 1974-жылы архитектура бойынша муғаллим Эрне Рубик тәрепинен ойлап табылған. Кубик дүньяға жедел пәтлерде тарқалып, әпиўайы ойыншықтан вундеркиндлердиң атрибутына айланды. Оның белгили 3х3х3 үлгисиндеги түри бир қарағанда әпиўайы болып көринсе де, оннан 43 252 003 274 489 856 000 әмел ислеўге болады. Усы әмеллер арасында тек ғана биреўи дурыс болады. Бул ойын арқалы тек ғана логика емес, есте сақлаў қәбилети де жетилисип барады. Ойынға шешим табыў ушын алдынғы исленгенлерди ядлап алыў керек.
Ҳәзирги ўақытта Рубик кубигин математикада изертлейди, оны жыйнаў алгоритмине арналған илимий жумыслар да бар. Оған байланыслы көплеген салыстырыўлар жүргизиледи ҳәм ойыншықты ислеп шығарыўшылар оның ҳәр қыйлы түрлерин ислеп шығармақта.
2) Шахмат
Шахмат – дүнья жүзине ең белгили, ең әййемги ақылый ойынлардың бири. Шахматта классикалық усыллар бойынша ойнап ғана қоймастан, өз вариантыңызды ойлап табыўға болады. Жеңип шығыў ушын стратегиялық жақтан ойлап, ҳәр бир жүристи алдын ала сезип, жобаластырып отырыў керек.
Сондай-ақ, шахмат есте сақлаў қәбилетин шынықтырады. Шахматшылар ҳәр бир жүристи ядта сақлаўға ҳәрекет етеди.
3) Шырпының шөби менен ойналатуғын басқатырмалар
«Бул есапты 18 жастан өткен адамлардың тек ғана бир проценти шығара алады!» – социаллық тармақларда шырпының шөби менен исленген басқатырмалардың темалары көбинесе усындай болып келеди. Бул басқатырмаларды шешиў оншелли аңсат емес, бирақ темада айтылғанындай қыйын да емес. Бундай есапларды ислеў ушын тек ғана шырпының шөбинен емес, оның орнына тис тазалағыш, қәлем, ағаштың сынықларынан пайдаланыўға да болады.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
Тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги