НАТО Азия мәмлекетлерин өз қурамына  қабыллаўдан бас тартқан ҳалда Европа ҳәм Арқа Америка мәмлекетлериниң бирлеспеси болып қалатуғынын хабарлады. Бул ҳаққында Альянс бас хаткери Йенс Столтенберг Тhе Washinton Post газетасына  берген интервюинде айтып өткен.

«НАТО Арқа Америка ҳәм Европаның бирлеспеси болып қалады, ол Азия еллери менен глобал бирлеспеге айланбайды. Бизиң жәмәәтлик қәўипсизлик кепиллигимиз НАТО аймағына тийисли»,- деген Столтенберг.

Мағлыўмат ушын, ҳзирги ўақытта 31 мәмлекет НАТО ға ағза. Финляндия 2023- жылы 4 – апрельде НАТО ға ағза болған ақырғы мәмлекет есапланады. НАТО ҳәзирде 2018-жыл декабрь айында НАТО ға ағзалық бойынша ҳәрекетлер режесин қабыл еткен Босния ҳәм Герцеговинаны, Грузия, Украина ҳәм Швецияны Альянс ағзалығына талабан сыпатында  тән алады.

 

Фарида Муслатдинова,

КМУ дың интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги