Диетолог, Санкт-Петербург мәмлекетлик университети медицина факультетиниң доценти Андрей Бобровский Sputnik радиосына берген интервьюинде балықларды денсаўлық ушын оғада пайдалы өним деп атады.

Қәниге балықты ҳәптеде үш-төрт мәрте жеў керек екенлигин атап өткен. Себеби, ол жүрек-қан тамыр кеселликлери, ас сиңириў ҳәм нерв системасы кеселликлериниң алдын алыўда пайдалы.Шыпакер, балық басқа гөшлерге толық альтернатив екенлигин қосымша етип өткен.

«Үш ең қолайлы түри бар – селд, маккел ҳәм сардинка. Бул арзан, кең тарқалған ҳәм пайдалы балық түрлери, олар бәрқулла сатыўда болады ҳәм ҳәр қандай шаңарақ сатып алыўы ушын қолайлы баҳада»,-деп атап өткен Бобровский.Оның сөзлерине бола, селд, маккел ҳәм сардинка қурамында көп муғдарда триптофан бар, бул элемент «жақсы кейпият гормоны» деп аталатуғын серотинин ислеп шығарыўға үлес қосады.«Балықтың сатыў орнында қанша ҳәм қандай режимде музы еритилгени белгисиз болады. Егер музы еритилгенине көп ўақыт болса, белгили бир нормаға әмел етилмесе, аўқаттан зәҳәрлениў қәўпи бар»,-деген қәниге.

Ҳәмре Қдырбаева,

КМУ дың интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақтан хабар агенлиги