Дурыс аўқатланыўдың физикалық, психикалық пайдалары жүдә көп. Мий ,өкпе, жүрек витаминлерге зәрүрлик сезеди. Бирақ бир қанша өнимлер, палыз егинлери ҳәм мийўелер бар, олардың есте сақлаў, мийдиң жақсы ислеўи ҳәм саламатлық ушын пайдасы жүдә үлкен.
Апельсин, қаўын, бадам, ғоза қурамында Е витамини болып, денедеги қан айланыў системасын жақсылайды. Қанның жақсы айланыўы – мийдиң жақсы ислеўиниң тийкары болып есапланады. Апельсиндеги С витамини, каротин ҳәм В топарындағы витаминлер болып, гипоталамуста адамды стресстен қорғаўшы гормон менен тәмийинлейди. Организмде бул витаминлер жеткиликли норадреналин – стресс жағдайларда қорғаў реакциясын иске түсиретуғын ҳәм жақсы кейпиятты тәмийинлейтуғын элемент ислеп шығара баслайды. Ҳәлсизликте бас мийдиң ислеўин жақсылаў ушын ярым кесе апельсин ҳәм алма шербетин араластырып, 1 шай қасықтан майданланған ғоза ҳәм пал қосылады. Азанда ҳәм кеште 2 ас қасықтан ишиледи .
Қулпынай, қарамық, шийе, малина, мийуелери рак кеселлигиниң алдын алыўшы антиоксидант элементлерге ийе. Изертлеўшилер қулпынай менен қарамықтың есте сақлаў қәбилетин жақсылайтуғынын, сондай-ақ, малина, қулпынайда омега-3 бар екенлигин анықлаған.
Қара шоколад қурамында шаршағанды қалдыратуғын ҳәм кейпиятты көтериўши хәм эндорфин (бахыт гормоны) бар. Бас мийдеги сезим орайына унамлы тәсир өткереди, организмниң активлигин бир нормада услап турады. Шоколад қартайыў процесиниң әсте өтиўине жәрдем береди. Қара шоколад ер адамларда жүрек инфаркити жүзеге келиўин 17 % ке қысқартады, ҳаяллардың болса жас көриниўин тәмийинлейди. Қурамында 60 % какао болған қара шоколад дыққаты жәмлеўде пайда беретуғыны анықланған, бирақ ол қан басымын асырады. Илимпазлар бул машқаланы көк чай арқалы шешиўди усыныс етип көрсетеди. Көк чай қурамындағы L-тианин аминокислотасы болса қан басымын нормалластырады.
Ғоза қурамында UC, B 1, B 2, PP витаминлери, каротин, хинонлар ҳәм эфир мойф, бириктириўши тоқымалар, темир, кобальт дузлары ҳәм цинк бар.
Буннан тысқары, ғозаларда фолий кислотасы ҳәм кальцийде бар. Қәнигелердиң атап өтиўише, егер күнине 2 дана ғоза пайдаланылса , есте сақлаў қәбилети жақсыланады. 4 дана ғоза пайдаланылса организмди антиоксидантлар менен күшейтеди, иммунитетти ҳәм клеткалардың қорғалыўын жақсылайды
Балықта омега-3 май кислоталары болып, жас өспиримлер ҳәм нәрестелердиң интеллектуал раўажланыўда үлкен әҳмийетке ийе. Балық майы қурамындағы кальций, фосфор рахит ҳәм остеопороз кеселлигинде пайдалы, соның менен бир қатарда, балық өнимлери мийдиң ислеўин жақсылап, көриў қәбилетин арттырады ҳәм жүрек қан-тамыр кеселлигин емлеўде қолланылады
Ҳәмре Қдырбаева,
КМУ дың интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақтан хабар агенлиги