Қарақалпақстан Республикасында 2023-жылдың январь-март айларында жәми 91 арза бойынша 47,9 миллиард сумлық қосымша қун салығы (ҚҚС) қайтарылған.
Ең көп қайтарылған қосымша қун салықларын аймақлар кесиминде қарайтуғын болсақ, Әмиўдәрья районында 14,0 миллиард (4 кәрхана), Қоңырат районында 9,8 миллиард (5 кәрхана), Хожели районында 5,5 миллиард (18 кәрхана) сумды қурайды.
– Ең көп қайтарылған ҚҚС тараўлар кесиминде алынғанда, өндирис тараўындағы 38 кәрхана ушын 34,4 миллиард сум, аўыл хожалығы тараўындағы 34 кәрханаға 7,2 миллиард сум, саўда тараўындағы 7 кәрханаға 2,2 миллиард сум, хызмет көрсетиў тараўындағы 8 кәрханаға 0,9 миллиард сум қайтарылған,-дейди Салық басқармасының бас инспекторы Әжинияз Абатов.
Қосымша қун салығы баҳалардың пайда болыўына ҳәм тутыныў қурамына тәсир көрсетиўши тиккелей салық болып, ол товарлардың баҳасына үстеме көринисинде қосып өндирилетуғын салық түрине киреди.
Булардың исбилерменлердиң өзлерине қайтарылыўы, олардың экономикалық турақлылығын тәмийинлеўге, қайтарылған сумманы өндиристи ямаса хызмет көрсетиўди еле де жақсылаўға, модернизациялаўға жумсаўына ҳәм басқа да зәрүрликлери ушын пайдаланыўына кең мүмкиншилик жаратып, халқымыздың абаданлығының артыўы ушын хызмет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги