Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде художник Абдулла Ражабов туўылғанының 70 жыллығына бағышланған «Заман нәпеси» атамасындағы жеке көргизбесиниң ашылыў мәресими болып өтти.
Көргизбеде художниктиң 30 дан аслам ҳәр қыйлы жанрдағы картиналары орын алған.
А.Ражабов көп жыллар даўамында Төрткүл районында Наўрыз, Өзбекстан Республикасының ғәрезсизлиги сыяқлы байрамлар алдынан амфитеатрда, көшелерде безеў жумысларын алып барыў менен бирге, республикамыздың ана тәбиятын, тарийхый орынларын жарқын реңлерде сүўретлеп, тынымсыз түрде дөретиўшилик пенен шуғылланып келмекте.
Художник бай руўхый дүньясын өзиниң шығармаларында сәўлелендире алған. Оның «Гүз ертеги», «Дастурханға мәрҳамат», «Қорғасын қала», «Сәўбет», «Үлкемизде гүз» сыяқлы дөретпелери көпшилик көркем сүўретлеў өнери ықласбентлерине таныс.
Оның пидайы мийнетлери есапқа алынып, 2009-жылы «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы», 2014-жылы Өзбекстан Көркем өнер академиясының «Алтын медалы», 2021-жылы II дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен «Жылдың ең жақсы белсенди художниги» дипломы менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги