9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен пүткил республикамыз бойлап екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт артында хызмет еткен нураныйларының ҳал-жағдайларынан хабар алынып, оларға материаллық жәрдемлер көрсетилмекте.
Өзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары да Нөкис қаласы Өзбекстан көшеси 43-жай турғыны , мийнет ветераны Рәўшан Самарканованың шаңарағында болып, оның ҳал-жағдайынан хабар алды ҳәм апамызды байрам менен қутлықлап, оған өз саўғаларын тапсырды.
– Бүгингидей парахат ҳәм абадан заманымызға көз тиймесин. Буның бәри тынышлықтың арқасында. Ҳәммениң шаңарағында аманлық болсын. Илайым, ҳеш қашан дүньяда урыс болмасын. Маған көрсетип атырған ғамқорлықлар ушын сизлерге мың-мың рахмет, – дейди апамыз Рәўшан Самарканова.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы