Мойнақ районында район ҳәкимлиги, райондағы мәкеме ҳәм кәрханалардың, ҳуқық қорғаў уйымларының, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, мийнет ветеранлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасыўында 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 78 жыллығына бағышланған илаж болып өтти.
Онда район ҳәкими Б.Менглибеков Еслеў ҳәм қәдирлеў күни елимизде жас әўлад ушын әҳмийетли байрам илажы екенлигин атап өтти.
Екинши жер жүзилик урыста мыңлаған жерлеслеримиз қатарында мойнақлылар да Ўатанамыздың тынышлығы ҳәм абаданлығы ушын гүрескен. Урыс қатнасыўшыларын еслегенимизде, олар бүгинги тыныш күнимиз ушын жанын аямай қанлы саўашларды өз көзлери менен көрген жерлеслеримиз, бабаларымыз, устазларымыз екенлигин умытпаўымыз керек. Олардың мәртлик ислери жасларға ибрат мектеби болып есапланады.
Илажда район орайындағы Ҳәсиретли ана естелиги алдына гүллер қойылып, Екинши жер жүзилик урыста фашизмге қарсы гүресип, қаза тапқан мойнақлы жаўынгерлер руўхына қуран оқылды.
Соның менен бирге, балалығы урыс жылларына туўра келген нураныйлардың ҳалынан хабар алынып, оларды байрам менен қутлықлап, таярланған саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги