Қараөзек районында 9-май–Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 78 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда район басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери район орайындағы «Ҳәсиретли ана» майданына келип гүлшеңберлерин қойды.

Илажда район ҳәкими Узақберген Утамбетов аймақ халқын байрам менен қутлықлады ҳәм бул қанлы саўашларда елимиздиң жеңиске ерисиўи ушын өзлериниң ерликлерин көрсеткен аталарымызды еске алыў жас әўладтың әдиўли парызы екенлигин айтып өтти.

Илажда шығып сөйлеўшилер тәрепинен урыс дәўириндеги аталарымыздың халық азатлығы жолында ислеген ийгиликли ислери, жаўынгерлеримиздиң урыс жылларындағы еткен ерликлери ҳәм фронт артындағы пидайы хызметлери ҳаққында мағлыўматлар берилди.





Буннан соң,  Екинши жер жүзлик урыс дәўиринде тылда мийнет еткен пуқаралардың ҳал-жағдайларынан хабар алынып,  оларға байрам саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы