Нөкис районы ҳәкимлигинде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен талантлы шайыр, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, марҳум Минайхан Жуманазарованы еслеў кешеси өткерилип, оның дөретиўшилиги, әдебиятымызға қосқан үлеси және бир мәртебе еске алынды.
Илажда шайырдың жақын инсанлары, перзентлери ҳәм ақлықлары, жазыўшы ҳәм шайырлар қатнасты.
– Минайхан Жуманазарова 1970-жылдың екинши ярымынан баслап өзиниң кеўил сарайы, ар намысы менен ҳүжданына жүгинип, шығармалар дөретти, -дейди Қарақалпақстан халық шайыры Набийра Төрешова. – Ол өз дөретпелеринде жақсылық, жаманлық, қыянет ҳәм садықлық, әдиллик, пидайылық сыяқлы темаларға көбирек итибар қаратып, Ормамбет бий, Асан, Амангелди батырлардың, Айдос ҳәм Ерназар бийлердиң, Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың көркем образларын жаратыўға ҳәрекет етти. Шайырдың «Елим деп еңиремесең», «Жүрегимде бир дәрт бар», «Әлўидағ айтпайман муҳаббат», «Еле мен», «Ешим ахун ҳәм оның әўладлары», «Кетпек ушын келгенмен», «Әжаға» топламлары баспадан шықты. Егер кимде-ким халық батырлары менен қызықса, шайырдың «Сүйинбийке» шығармасын оқыўы мүмкин. Шайырдың «Минайхан» китабы оның соңғы демлердеги басылып шыққан дөретпеси болды.
Кеше даўамында атқарылған шайырдың қосық қатарларына жазылған намалар, қосықлар жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.
Марҳум Минайхан Жуманазарованың поэзиясы халқымыз жүрегинде мәңги жасайды.
Б.Узақбаева,
Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўретлери