Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Б.Сидиқов, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң хызметкерлери 9 май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы мүнәсибети менен Нөкис қаласы Әмиўдәрья мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Қадирбай Нармановтан хабар алды.
Бүгин жақынларының арасында 98 жасты қарсы алып атырған, ерлик ислери көпке өрнек урыс ветераны менен сәўбетлесер екенбиз, оның көз алдына сол қанлы урыс жыллары елеслейди. Қуралласларын еске алып, көзине жас келеди.
-9 май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы мүнәсибети менен Президентимиз тәрепинен көрсетилип атырған ғамқорлықтан миннетдармыз,-дейди екинши жер жүзилик урыс ветераны Қадирбай Нарманов.-Әсиресе, жаслардың ҳүрмет ҳәм иззети мәмлекетимизден инсан мәпи, оның қәдири ҳәмме нәрседен үстин екенлиги және бир мәрте өз көринисин таппақта. Илайым елимиз тыныш, аспанымыз ашық болсын.
Бүгинги тыныш заманға шүкиршилик айтып, қолларын дуўаға ашты.
Ҳақыйқатында да, халқымыздың ҳүрметиндеги бул ветеранлар пүткил инсаниятты фашизм зулымынан азат етиў жолында көрсеткен ерлик ислери, батырлығы, үлкен исеним ҳәм сабыр-тақаты бүгинги ҳәм келешек әўлад ушын ибрат үлгиси болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги