Ҳәр жылы елимизде 9 май –Еслеў ҳәм қәдирлеў күни кеӊ түрде белгиленип, екинши жер жүзилик урыс майданында елимиз тынышлығы ушын гүресип, қайтыс болған ўатанласларымыз еске алынып, ҳүрмет көрсетиледи.
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы жәмәәти ҳәм студент-жаслары I дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгисиниң ийеси, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен шарўа, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Бухарбай аға Әбдировтыӊ үйине барып, нураный атаныӊ ҳалынан хабар алынды.
Дәслеп филиал директоры А.Есимбетов 95 жасты қарсы алған атамызды Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 78 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Буннан кейин саўғалар тапсырылып, жақсы тилеклер билдирилди.
Бухарбай аға Әбдиров студент-жасларға өзиниң басып өткен машақатлы өмир ҳәм мийнет жолы, турмыслық тәжирийбелери, илим жолында алып барған хызметлери ҳаққында кең түрде айтып берди. Инсан өмири даўамында ушырасатуғын ҳәр қандай қыйыншылықларға төзим берип, бахыт ҳәм ығбалға ерисиў мүмкинлиги туўралы өзиниӊ баҳалы үгит-нәсиятын айтты.
Мазмунлы сәўбетлесиўден соң мийнет нураныйы елимиз тыныш, турмысымыз абат болыўын тилеп, жасларға пәтиясын берди. Теберик жастағы атаныӊ ҳалынан хабар алыўдан гөзленген баслы мақсет, оны айрықша ҳүрметке бөлеп, усындай саўаплы ҳәм ийгиликли ислерде студентлерге өрнек болыў болып есапланады.
Мәмлекетимизде бүгинги күнде урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет нураныйларына айрықша ғамқорлық көрсетилип, ҳүрмет ҳәм итибарға бөленип атырғанлығы жаслар қәлбинде Ўатанды сүйиўшилик сезимлерин буннан былай да күшейтиўде айрықша орын тутады.
Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан бундай илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги