9 май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни байрамы алдынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Арқа- батыс әскерий округи сәркардасы, генерал-майор Ф.Шерматов, Қорғаныў ислери басқармасы, Төрткүл районы ҳәкимлиги басшылары, сондай-ақ мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери быйыл 99 жасты қарсы алып атырған Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы   Иван Галенконың шаңарағында болып, жағдайынан хабар алды.


Атап өтилгениндей, Екинши жер жүзилис урыс миллионлаған инсанлардың биймезгил өлимине, үлкен жоғалтыўларға себепши болған тарийхтың ең қанлы қырғынларынан бири сыпатында мөрленип қалды. Сол ғажжа-ғаж саўаш майданларында бизиң әскерлеримиз тынышлық ҳәм айдын келешек ушын мәртлерше саўаш алып барды. Урыс майданында айырымлары мәртлерше қурбан болды, жараланды, туўылған елине майып болып қайтты.  2 миллионға шамалас жерлеслеримиз саўашларда қатнасып, олардан  500 мыңнан асламы қаҳарманларша қаза тапты. Олардың ерлиги ҳәмийше есимизде, мәңги  жасап келеди.

Көзлериндеги қуўаныш жаслары менен Иван Галенко бүгинги парахатшылық заманға шүкиршилик айтып, мийманлар менен бираз сәўбетлесип отырды.  Мәмлекетимизде ҳүким сүрип турған  тынышлық – ең үлкен байлық екенлигин айтып, оны қәстерлеп сақлаўды мәсләҳәт берди.





– Президентимиздиң биз, урыс қатнасыўшыларына көрсетип атырған итибарынан қуўанышлымыз. Ҳәр жылы Еслеў ҳәм қәдирлеў күни байрамында бизлерди еслеп, саўғалар бергенинен, ғамқорлық көрсетип атырғанынан кеўлимиз шадлыққа толады. Бул урыс көпшиликтиң өмирин зая етти.  Олардың көпшилиги өзге журттың топырағында қалып кетти. Оларды еслеў, ҳүрмет-иззет көрсетиў бәршемиздиң миннетимиз болып табылады. Себеби, олардың өмири менен ерисилген жеңис нәтийжесинде бүгин аспанымыз ашық, турмысымыз абадан. Өсип киятырған жас әўладқа нәсиятым бар – әлбетте  оқың, излениң, уллы инсан болыўға умтылың. Биз жеңис ушын гүрестик, сиз болса, мине усындай күнлерге шүкирлик етип, тынышлығымызды сақлаўыңыз тийис, – дейди толқынланып мийманлар менен сәўбетте урыс  ветераны.

Иван Галенко 1924-жылы Россияның Новосибирск ўәлаятында туўылып, 17 жасында фронтқа атланды. Урыс тамам болғаннан кейин  1945-жылдың 21-май күни туўылған жерине қайтып келди. Қанлы урыс жылларындағы ўақыяларды айтып бериўди жақтырмаса да, ким менен сәўбетлеспесин, тийкарғысы тынышлықты сақлаң,  деп ўәсият айтады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы урыс қатнасыўшысына Президентимиздиң қутлықлаўын оқып еситтирди, оған байрам мүнәсибети менен елимиздиң басшысы атынан 18 миллион сум муғдарындағы бир мәртелик ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғаларын тапсырды. Бир қатар шөлкемлердиң атынан да екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысына баҳалы саўғалар берилип, ҳүрмет көрсетилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги