8-май күни қарақалпақ халқының даңқлы перзенти, мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Аллаяр Қораз улы Досназаровтың туўылғанына 127 жыл толды.

Сәне мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, нураныйлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм студент-жаслар тәрепинен Аллаяр Досназаровтың Нөкис қаласындағы естелигине ҳүрмет көрсетилип, оның бюстине гүллер қойылды. Бабамыздың  халқымыздың азатлығы, абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы ислеген хызметлери еске алынды. Оның бул хызметлери ҳеш қашан умытылмайтуғыны, ҳәр биримиздиң жүрек төримизде мәңги сақланатуғынлығы атап өтилди.



Қарақалпақстан хабар агентлиги