9-май- Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Қараөзек районы Қорғаныў  ислери бөлими хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Қорғаныўына көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми районлық бөлими ҳәм қәнигелестирилген мектептиң «Ўатан сүйениши» отряды ағзалары Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Генжемурат ата Алланиязовтың шаңарағында болып, оның менен ушырасты.

Ушырасыўда илаж қатнасыўшылары ветеран атамызды байрам менен қутлықлап, оған өзлери тәрепинен таярланған саўғаларын тапсырды ҳәм ана-Ўатанды жырлаўшы қосықлардан айтып берди.


Өзине көрсетилген бундай жоқары ҳүрмет ҳәм сыйласық ушын Генжемурат ата жасларға миннетдаршылық билдирип, оларға ақ пәтиясын берди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ,  ҳәзир Қараөзек районының А.Досназаров аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы  Генжемурат Алланиязов 98 жаста.

Ол 1943-жылдың 5-март күни Екинши жер жүзилик урысқа атланып, Украина, Румыния, Молдова, Австрия, Чехия, Словакия мәмлекетлерин фашист басқыншыларынан азат етиўге қатнасады.  1945-жылдың февраль айында Венгрияның пайтахты Будапешт қаласын азат етиў ушын болған саўашта аўыр жарақат алған. Буннан соң да ол бир қатар қанлы саўашларға қатнасып, 1950-жылға шекем армия қатарында минометчи сыпатында хызмет етеди ҳәм сержант әскерий дәрежесин алыўға ерискен.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы