Аймақты қорғаўдың ең нәтийжели илажы сыпатында қорғалатуғын тәбийғый аймақлар системасын жетилистириў ҳәм раўажландырыў, ең баҳалы тәбийғый объектлердиң реал сақланыўын тәмийинлеў ҳәм регионда биологиялық ҳәр түрлиликти талап дәрежесинде сақлаўға талап жылдан-жылға артып бармақта.
2023-жыл 5-май күни Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Зоология институты тәрепинен Сайғақты қорғаў алянсы (Saiga Conservation Alliance – SCA), Өзбекстан Республикасы туризм ҳәм «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасы жәрдеминде Ташкент қаласының «Moderno» мийманханасының залында Аралқум миллий тәбият бағы (МТБ)ның раўажланыў потенциалын додалаўға бағышланған дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди. Бул илаж Дарвин басламасы/Дефра жойбары «Возрождение атаўы: Арал теңизиниң әтирапында санаат, тәбиятты қорғаў ҳәм раўажландырыў» жойбары шеңберинде өткерилмекте. Жойбар Оксфорд университети (Уллы Британия) изертлеўшилери менен биргеликте әмелге асырылмақта.
Жойбар Арал теңизиниң қурыған түбинде жайласқан Возрождение атаўы ҳәм оған тутас аймаққа қорғалатуғын тәбийғый аймақ статусын бериўге қаратылған бир қатар илажларды әмелге асырыўға қаратылған. Бул атаўдың сийрек гезелесетуғын биологиялық ҳәр түрлилигин, атап айтқанда, жойтылып кетиў қәўпи астында турған сайғақларды сақлап қалыўға жәрдем береди. Соның менен бирге, жергиликли халықты, тийкарынан, экологиялық туризмди раўажландырыў есабынан жаңа турақлы дәрамат дәреклери менен тәмийинлеўге қаратылған жойбарлар әмелге асырылады.
Семинар шеңберинде әмелдеги экологияға байланыслы нызамшылық тийкарында ҳәм тәбияттан пайдаланыўшылардың экономикалық мәпдарлығы ушын шараят жаратыў ҳәм ўазыйпасын инабатқа алған ҳалда Аралқум МТБ жумысын шөлкемлестириўдиң ҳәзирги жағдайы додаланды. Миллий бағ аймағын баҳалаўдың ботаника ҳәм зоологиялық нормалары додаланды, қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың зоналары ҳәм шегаралары тастыйықланды. Қатнасыўшылар, сондай-ақ, «Аралқум» МТБ аймағы ҳәм оның әтирапында экотуризмди раўажландырыў ушын ҳәзирги имканиятларды додалады.
Баянатлар дөгерек сәўбети қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты. Қәнигелер МТБ шегараларын белгилеў ҳәм зоналастырыўдың тийкарғы қатнасларын, айрықша қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың аймақлық системаларына интеграцияласыўдың абзаллықлары бойынша түсиниклер берди.
Илажда қорғалатуғын тәбийғый аймақларды альтернатив раўажландырыўдың әҳмийети ҳәм мәниси, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы машқалаларды шешиў имканиятлары да додаланды.
Қатнасыўшылар ҳәр бир жаңа бағ қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың ҳәзирги тармағын толықтырады, келешекте Өзбекстан тәбиятының барлық ҳәр түрлилигин билдириўши бирден-бир қорғалатуғын тәбийғый аймақлар системасын қәлиплестириў имканиятын береди, деген жуўмаққа келди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги