Статистика агентлигиниӊ дәслепки мағлыўматларына бола, 2023-жылдыӊ январь-март айларында турақ жай қурылысында дерлик 3,8 трлн сум инвестициялар өзлестирилген.

Турақ жайлар қурылысында өзлестирилген жәми инвестициялар көлеминде:

республика бюджети қәрежетлери есабынан – 9,3 млрд сум

— кәрхана ҳәм шөлкемниӊ өз қәрежетлери есабынан – 5,3 млрд сум

— халық қәрежетлери есабынан – 3,6 трлн сум

— басқа финанслық тәмийинлеў есабынан – 157 млрд сум.

 

Ақсынгүл Орақбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги