АҚШ президенти Жо Байден кейинги сайлаўларда Барак Обаманың жеӊип шығыўына жол қоймаўға шақырды.

АҚШ президенти Жо Байден MSNBC телеканалына берген интервьюинде қәтелесип кетти ҳәм Американың бурынғы президенти Барак Обаманың кейинги сайлаўларда жеңип шығыўына жол қоймаўға шақырды.

“Биз төрт жыл алдын президент болған адамның бул сайлаўда жеңип, және президент болыўына жол қоя алмаймыз”, — деди Америка жетекшиси.

Ол негизи Дональд Трамп ҳаққында айтпақшы болған.

Гәп сонда, Барак Обама АҚШтың 44-президенти есапланады. Ол 2009-жылдың 20-январынан 2017-жылдың 20-январына шекем мәмлекетти басқарған.

Барак Обама президентлик ўақытта Жо Байден вице-президент ретинде жумыс алып барған.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги