ЖДСШ СOVID-19 пандемия жағдайын бийкарлады, ҳәм жуўмақланғанын жәриялады.

«Мине бир жылдан аслам ўақыттан берли пандемия төменлеў тенденциясында болып, халықтың шаншыў ҳәм инфекцияларға қарсы иммунитети артып бармақта, өлим азаймақта ҳәм денсаўлықты сақлаў системаларына жүк жеңиллеспекте», ЖДСШ басшысы Тедрос Гебрейесус.

Мағлыўматларға қарағанда, пандемия 20 миллионнан аслам адамның өмирине зыян келтирген.

Еслетип өтемиз, коронавирус тарқалыўы дәслепки рет 2019-жылдың ноябрь айында Қытайдың Ухань қаласынан басланды.

2020-жыл март айында ЖДСШ пандемия жағдайын жәриялады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги