Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде,  Қарақалпақстан Республикасында жер майданларын хатлаў жумыслары ҳәм “Uzkad” мәлимлеме системасына киргизиў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Хатлаў жумысларына Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Республика аерогеодезия орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминен дүзилген жумысшы топарға 400 ден артық хызметкерлер тартылған еди. Ҳәзирги ўақытта әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жер майданларының анық өлшемлерин алыў мақсетинде, ўәлаятлардан жәми,  25 хызметкер геодезиялық техникалар менен тартылды.


-Районлардағы аўыл хожалығында пайдаланатуғын жер майданларын өлшеў жумысларына соңғы технологиялардан, яғный, Аэросёмкалар, GPS өлшеў үскенелери ҳәм SOUTH планшетлеринен нәтийжели пайдаланылып атыр,-дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасының Баспасөз хаткери Парахат Ажимуратов.- Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Қарақалпақстан Республикасының жәми жер майданы 16 656 123 гектар болып, бүгинге шекем 420 мыңнан аслам гектар жер майданы хатлаўдан өткерилди.




Хатлаў жумыслары жумысшы топар тәрепинен үзликсиз қадағаланып, орынларда үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы