5-май күни Ташкент қаласында Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлер аралық биргеликтеги комиссияның жигирмаланшы мәжилиси болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Қазақстан Республикасы Бас министри Алихан Смаилов басшылығында өткен мәжилисте еки тәреплеме қатнасықлар стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық принциплери тийкарында жедел раўажланып атырғаны атап өтилди. Онда Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Қасым-Жомарт Тоқаевтиң биргеликтеги ҳәрекетлери әҳмийетли фактор болмақта.
Белгили болыўынша, өз-ара саўда жедел раўажланбақта. Кейинги бес жылда товар алмасыў еки еседен артты. Өткен жылы бул көрсеткиш 4,6 миллиард долларды қураған. Мәмлекетлеримиздиң басшылары ҳүкиметлерге жақын жылларда товар алмасыў көлемин 10 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасын қойған. Бул бағдарда дүзилген жумысшы топарлар ҳәзирги ўақытта жедел жумыс алып бармақта.
Ҳәзирги күнде Өзбекстанда Қазақстан капиталының қатнасыўында 1200 ден аслам кәрхана жумыс алып бармақта.
Экономикалық шерикликти тереңлестириўдиң тийкарғы бағдары, әлбетте, санаат кооперациясын раўажландырыў болып есапланады.
Мәмлекетлеримиз басшыларының өткен жылы декабрь айында Ташкентте болып өткен сөйлесиўлериниң жуўмақлары бойынша қабыл етилген «Жол картасы» барлық тийкарғы бағдарларды, соның ишинде, 10 миллиард долларлық анық жойбарларды өз ишине қамтып алған. Ыссылық электр станцияларын қурыў, фосфорлы ҳәм минерал төгинлер, турмыслық техника, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў, тоқымашылық кластерлерин жаратыў, автомобиль ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳәм басқа да көплеген жойбарлар солардың қатарына киреди.
Мәжилисте усы ўазыйпалар өз-ара бирге ислесиў байланысларын және де жеделлестириўге, жаңа жумыс орынларын жаратыўға үлес қосатуғыны айтып өтилди. Сондай-ақ, саўда-сатық, инвестиция, санаат, энергетика, транспорт, аўыл ҳәм суў хожалығы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша өз-ара пикир алысылды.
Мәжилис жуўмақлары бойынша бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.
Аъло АБДУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА