Президентимиздиң Германияға сапары Пакистан баспасөзинде кеңнен жарытылды. Атап айтқанда, «Islamabad Post» газетасы, Centreline”, “Pakistan in the World”, “Diplomatic Insight журналлары, “Diplomatic News Agency – DNA”, “Diplomatic News pk.blog”, “Daily Big Digit”, “Global News Pakistan”, “The Gulf Observer” сыяқлы жетекши баспа ҳәм электрон редакцияларда усы жоқары дәрежели ушырасыўға бағышланып өз алдына орын ажыратылған.

Федерал канцлер Олаф Шольц пенен ушырасыўға шолыў жасалып, еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў ҳәм биргеликтеги жойбарлар санының еки есеге артқаны, Германиядан Өзбекстанға инвестиция муғдарының 5,5 миллиард долларға жеткени, соннан 4 миллиард доллары соңғы 6 жылда тартылғанына айрықша итибар қаратылған. Сапар шеңберинде өткерилген биргеликтеги бизнес-форум да мүнәсип баҳаланған. Басылымлар Пакистан жәмийетшилигин Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў нәтийжеси менен таныстырып, сапар шеңберинде экономика, саўда, қаржы, билимлендириў, илим ҳәм инновация тараўларында 16 ҳүкиметлер ҳәм уйымлараралық ҳүжжетке қол қойылғанына итибар қаратады. Атап өтилиўинше, Германия тәрепи усы күнлерде Берлин қаласында Өзбекстанның мәдений мийрасына бағышлап ашылған бийбаҳа көргизбени де атап өткен. Мәмлекетимизде немис тилин үйрениўге қызығыўшылық артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилип, Германия ҳүкимети бул бағдарда мәмлекетимиздиң аймақларына техникалық жәрдем көрсетиўи бойынша келисип алынғаны да қәлемге алынған.

ӨзА