“Әдил судлаўға ерисиў мүмкиншиликлерин және де кеңейтиў ҳәм суд жумысыныӊ натийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар қабыл етилиўи мүнәсибети менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары жәрияланды.

Нызам жойбары менен “Прокуратура ҳаққында”ғы нызамға ҳәм Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуаллық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылған.

Оларға муўапық төмендеги тәртип орнатылмақта:

тинтиў өткериў, телефон сөйлесиўин тыӊлаў ҳәм мүлкти хатлаў ҳаққында судқа өтиниш хаты прокурор тәрепинен киргизилиўи;

тинтиў өткериў, телефон сөйлесиўин тыӊлаў ҳәм мүлкти хатлаўға санкция бериў кепиллигин прокурорлардан судқа өткериў;

суд тәрепинен тинтиў өткериў, телефон сөйлесиўин тыӊлаў ҳәм мүлкти хатлаўға санкция бериў ҳаққындағы материалларды, сондай-ақ, усы категориядағы материалларды апелляция тәртибиндеги ис жүргизиўде көрип шығыў;

тайынланған қәўипсизлик илажын жынаят нәтийжесинде жеткерилген зыян  ямаса оның қапланбаған бөлеги муғдарынан аслам болыўы шәрти менен гиреў қәўипсизлик илажына өзгертиў.

Ҳүжжетте жазылыўына қарағанда, усынылып атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар арқалы:

пуқаралардың нызамлы ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўдиң нәтийжели механизми жаратылады;

миллий нызамшылықта “Хабеас корпус” институтының тәсир шеңбери кеңейтиледи ҳәм тергеў үстинен суд қадағалаўы күшейтиледи;

Өзбекстанның халық аралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаўға, сондай-ақ Ҳуқық үстинлиги индексиниң Жынайый әдил судлаў структуралық индикаторларындағы позициясын жақсылаўға ерисиледи.


Турсынбек Хожаниязов,

ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим

бағдарыныӊ 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги