9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 78 жыллығына бағышланып орынларда байрам илажлары өткерилмекте.
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Көркем өнер факультети менен биргеликте «Еслеў әзиз, қәдирлеў муқаддес!» сүрени астында университеттиң студент-жаслары арасында сүўрет сызыў бойынша жарыс шөлкемлестирди.
Онда сөзге шыққанлар, мәмлекетимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин улыўмахалықлық байрам сыпатында кеңнен белгилеў, сондай-ақ Екинши жер жүзилик урыста қаза тапқан жаўынгерлеримиздиң естелигин мәңгилестириў бойынша ҳәм урыс қатнасыўшылары менен мийнет фронты ветеранларына ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде де қатарымызда турып, Ўатанымыздың абырай-мәртебесин арттырыў, жасларды руўхый-әдеп икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды қәдирлеўимиз керек.
Жарыста қатнасқан жаслар тийкарынан сол ўақыттағы елдиң тынышлығы, халқымыздың абадан турмыс кешириўи ушын өз жанларын пидә еткен мәрт жаўынгер, ер азаматларымызды өзлериниң сызған сүўретлери арқалы тәрийиплеўге ҳәрекет етти.
Ҳақыйқатында да, арамызда елимиздиң абаданлығы, халқымыздың тынышлығы жолында пидайы мийнет еткен урыс қатнасыўшылары, ветеран-жаўынгерлердиң бар екенлиги, кеўилде мақтаныш сезимин пайда етеди.
Сүўретшиликке қызығыўшы жаслар арасында өткерилген жарыста жеңимпазлар анықланып, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Университеттиң көркем өнер факультети студентлериниң таярлаған концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги