Бир ўақытлары толып тасқан Арал, жасы үлкенлерге шын, бизге ертек Мойнақ районындағы порт ҳаққында еситкен болсаңыз керек.

Инсанияттың тәбият пенен маўасасыз турмыс кешириўи ақыбетинде тәбият апатшылығына айланған Арал теңизи бүгин Мойнақты тәрк еткен. Районға барып қалсаңыз еле де саўлаты менен толып-тасыў тилеги бар теңиз жағасындағы шөлистанлыққа, еле бир әсирлик жасқа жетпеген «Кемелер қойымшылығы»на көзиңиз түседи.

Өмир болса бурынғыдай емес. Экологиялық жағдай жаманласқан. Тәбият ҳаўасы аўырласып бармақта. Солай болса да, адамлар үмит пенен жасаўға умтылады, бир күн, әлбетте, Аралдың қайтыўына исенеди. «Аққан жулдыз» ҳаққында көпшилик билмесе де керек. Мойнақта теңиз ҳәм портты еске салып атырған естелик бой тиклеп тур. Бир ўақытлары бул естелик Екинши жер жүзилик урысынан қайтпаған әскерлердиң естелигине бағышлап орнатылған екен.

Және бир тарийхый ўақыя да бул естеликтиң жаратылыўы менен байланыслы. 1941-жылы елимиздиң мәрт азаматлары атланады. Солардың арасында, мойнақлы әке-бала да бар еди. Ақсары сүйикли яры менен перзентин Мойнақ портынан урысқа шығарып салып қалады да, аз ўақыттан соң өмирлик жолдасының өлими ҳаққында «қара хат» алады. Дәрт ҳәм ҳәсиретте қалған ҳаялдың күнлер, жыллар өтсе де, баласынан хат-хабар келмейди. Урыс тамам болады. Баласынан болса я бир хат, я хабар келмеди. Дәртли ана интизарлық пенен күтип жасаўда даўам ете берди. Арал теңизи өз қәддин өзгерте баслаған дәслепки апатшылық адамларды алағадаға салды. Үлкен порттың орнын өзгертиўге қарар етилген ўақытта ана «портты көширмең», деп зарланады. Ол улының басқа жолды билмейтуғынын, тек ғана усы жол арқалы үйге қайтыўы мүмкин екенлигин айтып, өксип-өксип жылайды.

30 жылдан артық баласын күткен ананың көз жасларына гүўа порттан сөз етиўши естеликтиң қысқаша тарийхы усындай.

Шоҳиста АБДУРАҲМОНОВА,

көркем өнертаныўшы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги