Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан халық художниги, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Өзбекстан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, академик Жоллыбай Изентаевтың 80 жыллығына арналған еслеў кешеси болып өтти.

Илаж художниктиң түрли тематика ҳәм жанрларда дөреткен картиналарының көргизбеси менен басланды.

Кешеге Қарақалпақстан халық художниги Барлықбай Айтмуратов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алпысбай Султанов, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Улбосын Утегенова, сондай-ақ, художниктиң бирге ислескен кәсиплеслери, шәкиртлери ҳәм перзентлери қатнасты.

Жоллыбай Изентаев 1943-жылы Қоңырат районында дүньяға келди. Ол 1974-жылы Островский атындағы Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм көркем өнер институтын питкерип келгеннен соң Қарақалпақстан художниклериниң аўқамына ағзалыққа қабыл етилди. Солай етип, талантлы художниктиң дөретиўшилик өмириниң толып-тасқан дәўирлери басланды.

Ол 1974-1979-жылларда Нөкис көркем өнер өндирислик устаханасында художник, 1979-жылдан Қарақалпақстан художниклери аўқамы (ҳәзирги Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими) баслығы, 1992-1997-жыллары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты сүўретлеў өнери ҳәм сызыў кафедрасының үлкен оқытыўшысы, кафедра баслығы, доцент лаўазымларында жемисли мийнет етти.

1996-жылдан баслап Франция, Россия, Болгария, Германия, Словения, Египет сыяқлы мәмлекетлерде дөретиўшилик хызмет сапарларында болып, усы еллерде художниклердиң жеке көргизбелерин шөлкемлестирди.

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳәм герби де Жоллыбай Изентаев қатнасыўындағы эскизлер менен таярланғанын айрықша атап өтиў орынлы.

Ол бәрқулла өсип киятырған жас әўладтың жоқары мәдениятлы, билимли болыўын мақсет етип, жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў, хошаметлеўде айрықша жумысларды атқарып жүретуғын еди. Усы мақсетте ол 1992-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында сүўретлеў өнери ҳәм сызыў кафедрасының, соның менен бирге, 1997-жылы Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлимине қараслы қәнигелестирилген мектеп-интернатының ашылыўында айрықша белсендилик көрсетти.

Еслеў кешесинде сөзге шыққанлар художниктиң өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында қатнасыўшыларға кең түрде мағлыўматлар берди.





Қарақалпақстан хабар агентлиги