7-май- Өзбекстан Қаҳарманы, халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов туўылған күн
Мен мынадай ўақыяның гүўасы болдым. Бизиң аўылда Абат жармыс жарылған жылы бир бала туўылып, әкеси оның атын Абатжармыс деп қойып еди. Ол күтә өтирикши, көз көреки жалақор бала болып өсти. Соннан соң әкеси де, адамлар да атының «Абат» деген жағын қалдырып, «жармыс» дейтуғын болды. Бир күни мен оның қоңсы аўыл тәрептен қызыл сыйыр жетелеп киятырғанын көрдим, бирақ урлаған деп ойламадым. Келеси күни қоңсы аўылдан биреў «Қызыл сыйыр урлаттым»-деп из қуўып аўылға келди. Мен кеше Жармыс дегенниң сондай сыйыр жетелеп киятырғанын көргенимди айттым. Сыйырдың ийеси мени ертип туўры Жармысқа барып, «Бир қызыл сыйыр жоғалттым, көрмедиңбе?-деди. «Көрсем көзим гөр болсын»,-деди ол.
Сыйырдың ийеси оны тыңламай, төлесине кирип, өзиниң сыйырын жетелеп шықты. Сол күни Жармысты милицияға тапсырыў керек еди. Ол өлер алдындағы сөзин айтып жалбарынып аман қалды. Буннан оған пайда болмады, сол кешеде жатып уйқылағанынан азанда оянса көзлери гөр болмаптыдағы, бирақ қыйсайып шығыпты. Сол күннен баслап аўыл оны Жармыс қыйсық деп атады. Әттең, сизлер көре алмадыңыз, былтыр ол дүньядан өтти.
Усыннан соң үкелерим ҳәм менде бир түрли әдет қәлиплести: Бир биримиздиң өтиригимизден қәўипленсек көзлеримизге қараймыз.
«Қарақалпақнама» роман-эссесинен үзинди
Қарақалпақстан хабар агентлиги