Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қараөзек районлық бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Ишки ислер  министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында Қоңырат темир жол вокзалына жумысқа киргизип беремен  деп ўәде берген пуқара усланды.

Атап айтқанда, “Ўзбекистон темир йўллари” акционерлик жәмийети Қоңырат темир жол вокзалы 14-санлы вагон слесарь депосының жумысшысы пуқараның исенимине кирип, оны 30 миллион сумға Қоңырат районы темир жол вокзалында жоқары лаўазымда ислеўши танысы арқалы  усы вокзалға киргизип бериўди ўәде етеди. Райондағы Азатлық мәкан пуқаралар жыйыны  аймағында алдаўшылық жолы менен 30 мың сумды  алған ўақытта усланды. Оннан химиялық жол менен қайта исленген  30 мың сум ақша айғақлы дәлил сыпатында алынды.

Бул жағдай бойынша Департаменттиң Қараөзек  районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 168-статьясы (алдаўшылық) 28, 211-статьялары (пара бериў) менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы