Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылғанына 94 жыл толыўы мүнәсибети менен “Қосықлары ҳәм шығармалары қәлбимизге мөрленген инсанлар” атамасындағы әдебий кеше болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, шайыр Алтынгүл Өтениязова, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алланазар Әбдиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновлардың өмири ҳәм дөретиўшилигине, бул уллы тулғалардың әдебиятымызға қосқан үлкен үлеси ҳаққында сөз етти. Илаж даўамында сөзге шыққанлар кеше қаҳарманларының бизге қалдырған бийбаҳа мийрасы, дɵретпелери келешек ǝўладқа да азық болатуғыны, уллы сөз зергерлериниң бәршеге үлги боларлық өмир жолы ҳәм мазмунға бай дөретиўшилиги туўралы айтып өтти. Бул инсанлардың дөретпелери ҳеш қашан ескирмейди, тозбайды. Мыңлаған ǝдебият ықласбентлериниң кеўилинен терең орын алған бул инсанлардың естелиги қәлбимизге мәңгиге мөрленип қалады.
Филиалда шөлкемлестирилген әдебий кеше студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағларламасы менен даўам етти. Онда Ибрайым Юсуповтың тɵртликлери ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновтың шығармаларынан үзиндилер шеберлик пенен атқарылды. Сондай-ақ қарақалпақ халқына ядый болып қалған қосықлардың студентлер тәрепинен намаға салып жанлы тәризде атқарылыўы залда отырғанларда айрықша тәсир қалдырды.
Ҳǝр биримиздиң қǝлбимизден орын алған бул дөретиўшилердиң инсаныйлық ағла пазыйлетлери, өлмес шығармалары ҳәр биримиздиң ядымызда мɵрленип қалады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги