И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейинде сақланы атырған шығармалардың арасында екинши жәҳәр урысы темасы де кең орын алған.
“Жаўынгерлик дослық қосығы”, “Жеңис”, “Табыс” сыяқлы бир қатар жумыслар усылар қатарына киреди. “Дўстлик” ордениниң ийеси, Қарақалпақстан халық художниги Базарбай Серекеевтиң (1942-2017) “Үйга қайтыў” атамасындағы картинасы мазмуны жағынан жүдә тәсирли. Художник екинши жер жүзилик урыс жылларынан қайтпаған әкелердиң естелигине бағышлап, усы картинаны жаратты.
Геосиёсий ойынлардың қурбанына айланған бин нешше азаматлардың қаншадан-қанша перзентлериниң тәғдирине жетимлик тамғасы басылды. Балалар әкелерин күтип жасаўға мүжбүр болды.
Художник “Үйге қайтыў” дөретпесинде балалардың әрманларын реңли бояўлар арқалы жүзеге шығарады. Әкени үйине қайтарады. Әкениң қушағында отырған балалар қуўанышлы, биреўи әкесиниң көксиндеги медалға ҳайран қалып қарайды, екиншисиниң қолында қант, жүзинде күлки. Урыс ҳәм урыстан кейинги жыллары балалар үлкенлер сыяқлы айтарлықтай қыйыншылықларды басынан кеширди. Ашаршылық жыллары не бир бийгүнә балалар бул жақты дүньяны тәрк етти. Итибар берсеңиз, дастурханда пәтир, зағара нан ҳәм қант бар. Бул урыс жылларындағы ең қыт азық-аўқат өнимлери еди.
Художник келешекке өтмишсиз қарай алмаслығын усы картина арқалы дәлиллеўге ҳәрекет етеди.
Шоҳиста АБДУРАҲМОНОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги