Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жәмәәти Төрткүл районы ҳәкимлиги, республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими, Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими, районлық Қорғаныў ислери бөлими ўәкиллери менен биргеликте усы районда жасаўшы урыс ветераны, 99 жасты қарсылаған Иван Федотович Галенконың ҳал-жағдайынан хабар алды.

Онда “Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Қ.Разбеков ҳәм басқалар, урыс ҳәм мийнет ветеранын жақынласып қалған Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 78 жыллығы менен қутлықлады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-майдағы “Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында мәмлекетимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин улыўмахалықлық байрамы сыпатында кеңнен белгилеў, сондай-ақ, екинши жер жүзилик урыста қаза болған ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы мүнәсибети менен екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары және майыпларының ҳәр бири 18 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленбекте.



Ушырасыўда ветеран ата Ўатан азатлығы жолындағы қуралласларының ерлиги, урыстан кейинги жыллары ислеген хызметлерин еске түсирди.  Байрам мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысына саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги