5 май — Ибрайым Юсупов туўылған күн

 Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов поэзиясы халқымыздың турмыс тәризи, тарийхый раўажланыўына тиккелей байланыслы. Изертлеўшилердиң атап өткениндей, оның шығармаларын оқыў бүгинги көп миллетли, көп тилли дүньяда қарақалпақ халқының тамыры терең тарийхын ҳәм ҳәзирги турмысын, бай мазмунлы өмири менен миллий өзине тәнлиги, мәденияты, минез-қулқы, үрп-әдетлери менен жақыннан танысыў имканиятын береди.

Ибрайым аға қарақалпақ поэзиясында пайызлы мектеп жаратқан уллы тулға. Шайыр бундай табыс гилтин дөретиўшиликке үлкен жуўапкершилик пенен қатнас жасаў арқалы қолға киргизеди.

Ибрайым аға тилимиз арқалы әдебиятымызды, әдебият арқалы тилимизди байытты, халқымыздың көзқарасын кеңейтип, бийтәкирар дөретиўшилиги арқалы кеўиллерге гөззаллық туқымларын септи. Соның ушын да ол, ҳәр бир қосығында сөз ҳәм оның мәниси, бир сөздиң қайтадан тәкирарланбаўы, тәсир етиў күши, халық тилине жақынлығы ҳәм түсиниклилиги ҳәм заман менен үнлеслигине айрықша итибар берди. Шайыр дөретиўшилиги арқалы тилимиз абырайы және де артып, сөзлик қорымыз және де байыды. Қысқаша етип айтқанда,  шайыр поэтикасы, оның басқаларға уқсамайтуғын образ жаратыў усылы, ўақыялық оқыўшыны кең пикирлеўге шарлаўы арқалы әдебиятымызда поэзияны жаңа ҳәм жоқары шыңларға алып шығады.

 

Байтерексең өскен гөне тамырдан,

Дилўарлығың қыл суўырған қамырдан.

Қарақалпақтың кеўил қусы сайраса,

Сөз қыйсыны ғәзийнеңнен табылған.

 

Бул қатарларға итибар берсек, олардың ҳәр бири бөлек-бөлек  ҳикметлерден ибарат. Ол пүткил дөретиўшиликти мүлкке, ғәзийнеге уқсатады. Исенимим кәмил, бул ғәзийнениң сырын келешек әўладлар бизден де көре тереңирек аңлап жетеди, оны қәдирлейди ҳәм жүрегиниң төринде сақлайды. Себеби, ол әне усындай терең образлы қосықларды дөретиў ушын да қарақалпақ тилиниң бай имканиятларын еле де жоқарылатыўды мақсет етип қойған еди. Ҳәр бир қосықты әпиўайы оқыўшы ушын жазыўы – шайырдың бийтәкирар концепциясы еди.

Ўатан, туўылған жерге арнап қосықлар дөретиў Ибрайым ағаның ең унататуғын темаларынан бири еди. «Кегейли», «Қара тал», «Таллы жағыстағы еске түсириўлер», «Туўылған жер», «Аўыл, аўыл!», «Тал болыпты таллары» сыяқлы бир қатар қосықлар қарақалпақ әдебиятындағы бул темадағы ең уллы дөретпелер сыпатында баҳаланады. Шайыр бул қосықларында туўылған жерди шексиз меҳир ҳәм муҳаббат пенен тәрийплейди, туўылып өскен аўылдың талы, тереклерин де, жыңғыл-сексеўиллерин де, боянларын да, ҳайўанат ҳәм тәбият дүньясын да, ҳәттеки ҳәкке — қара ғарғаны да гөззаллықтың, сулыўлықтың, Жаратқанның инамы сыпатында күш-қүдиреттиң, қоныс басқан жерине болған садықлықтың жоқары тымсалы сыпатында көрсете алды.

Ибрайым аға, туўылған жерге шайырлық көзи менен қарайды, перзентлик муҳаббаты менен жырлайды. Сонлықтан да, шайырдың туўылған жер туўралы китап оқыўшысы қәлбинде мәңгиге мөрленеди.:

 

Жазда қайырыңда ойнап қырғалақ.

Қыста музларыңда тептик сырғанақ,

Кекили гүзелген, мойны ырғанақ

Қара бала ядыңда ма, Кегейли?

 

Бул қосықларды оқыған сайын оқығың келеди ҳәм ата журтқа болған меҳир-муҳаббат мәўиж урады. Неге дегенде, қосықта образлылық ҳәм басқа шайырларға уқсамаған бийтәкирар көркем шеберлик үстемлик етеди. Атап өтиўимиз керек, шайыр қосықларындағы оқыўшыны өзине тартатуғын тәреплер тек ғана бул жақлары емес. Бул — әпиўайылықдур! Туўылған жерге болған муҳаббат туйғылары халық тилинде, түсиникли ҳәм әпиўайы және де тәбийғый ҳалда тәрийплеў Ибрайым ағаның өзине тән дөретиўшилик усылы болып табылады.

Шайырдың көпшилик шығармаларын миллий характер, менталитет, үрп-әдетлерди жаратыў эталоны сыпатында да көрсетиўимиз мақсетке муўапық. Қаратал, шөгирме, қобыз, сексеўил сыяқлы ҳәм басқа элементлер миллий образ жаратыўда атрибут дәрежесинде қалмады. Шайыр оларға оғада үлкен жүк, жуўапкершилик жүклейди ҳәм оларды көркем образ дәрежесине көтереди. Шайырдың бир ғана «Қарақалпақты көп мақтама көзинше» қосығының өзи пүткил қарақалпақ халқының миллий менталитетин сондай дәрежеде ашып берген, бул қосықтан ҳәр ким өзин излеп, өзин көргиси келеди ҳәм өз гезегинде, ҳәр бир оқыўшы қәлбинде мақтаныш сезимин пайда етеди:

Жалғыз атын сойып берип қонаққа,

Жаяў қалып бул халық талай тарыққан.

Соны айтып, мақтайғойсаң бирақта,

Одан да зорын көрсететин халықпан.

Ибрайым Юсупов дөретиўшилигинде инсан өмириниң сүўретлемеген тәреплери қалмаған сыяқлы. Себеби ол улыўмаинсаныйлық ҳәм миллий қәдириятларды бир-биринен ажыратпаған ҳалда образлы жырлай алған. Айралық, ушырасыў, хошласыў, көрисиў, ҳижран, қуўаныш ҳәм қайғы киби туйғылар инсанларға тән болса-да, шайыр бундай туйғыларды миллий колорит пенен байытып, оған өз халқының менталитетин сиңдирип жибереди. Шайырдың лирикалық қаҳраманы ушын Ўатан түсиниги ең муқаддес түсиник болды. Ол Ўатан дегенде пүткил мәмлекетимизди — пүткил Өзбекстанды түсинеди. Оның «Өзбекстан», «Наўайыға», «Мен Ташкентти сағынаман көрмесем», «Қызың гөззал болсын, шайыра болсын», «Мустақиллик майданынан өткенде» сыяқлы бир қатар қосықларында Өзбекстан диярын ашық ҳәм жыллы меҳир-муҳаббаты ҳәм садықлығы менен жырлайды. Ибрайым аға, Өзбекстан, Ўатан образын бәлентпәрўаз сөзлер менен емес, ал әпиўайы, ҳәммеге түсиникли, қарапайым тилде баянлайды. Бул болса шайырдың уллылығын көрсетиўге тийкар жараттты:

Сәйир етип мен сәҳәр ўақта,

Кирдим бир әжайып бағқа.

Жапырақ жамылып аўлақта,

Бүлбиллерге сыр сырластым,

Самал менен сыбырластым.

Бул қосықта лирикалық қаҳарман ушын Ўатан – бул оның гөззал тәбияты, өсимликлер, қуслар дүньясы. Булардың ҳәр бири оқыўшы ушын қәдирли, бийтәкирар, соның ушын да оқыған сайын олардан заўық аласаң. Қысқаша айтқанда, шайыр усы ел перзенти сыпатында Ўатанға муҳаббат үлгисин көркем сүўретлеўлерде көрсете алды.

Хош, шайыр ҳәм ол дөреткен шығармаларының улыўмахалықлық меҳир-муҳаббатқа ылайық болыўының сыры неде? Биринши гезекте шайыр өз дөретпелери арқалы оқыўшылар қәлбине жол таба алды. Оның шығармаларында халқымыздың улыўмаласқан образы сондай шеберлик пенен сүўретленеди, шайыр бул образды миллий түсиник ҳәм безеўлер менен безеди, оны меҳир нуры менен жанландырып, жақтыландырады. Ибрайым Юсупов өз оқыўшыларына Ўатанға муҳаббат руўхында жасаў туйғыларын сиңдиреди. Оның поэзиясында туўылған жерге уллы муҳаббат туйғылары бәрқулла сезилип турады.

Шайыр шығармаларында оптимистлик руўх та үстем. Ол халқымыздың айдын келешегине өзин де, оқыўшыларын да исендире алды. Ибрайым аға болжағанындай, халқымыз келешегине исеним Ғәрезсизлик самалы себепли және де жоқарылады. Шайырдың бул жыллардағы қосықлары өзине сай мақтаныш туйғылары менен жазылды:

Бардур болжаў қәбилетим,

– Билген нәрсем сол болады:

 Сәл азырақ сабыр етиң,

– Бул жер еле зор болады.

 

Зер қәдирнн билип зергер,

 Сондай заман келген гезде,

«Ижараға аз-маз жер бер»

Деп жалынар дүнья бизге…

 

Уллы дөретиўши қарақалпақ әдебиятында лирикалық, лиро-эпикалық, драмалық, прозалық шығармалары менен өшпес қалдырды. Қарақалпақстан Республикасы гимнин жаратты. Дүнья классикалық әдебияты ўәкиллериниң бир қатар шығармаларын қарақалпақ тилине шеберлик пенен аўдарды.  Ибрайым аға, қарақалпақ поэзиясын оғада бәлент шыңға  алып шыққан бийтәкирар тулға, көркем сөз шебери болып табылады. Сонлықтан да шайырды пүткил халқымыз өз дәўиринде де, бүгин де, келешек әўлад та жоқары ҳүрмет пенен тилге алады, тән алады. Ол дөреткен бийтәкирар шығармалар болса, бүгинги ҳәм келешек әўладлар ушын тәрбия ҳәм үлги мектеби болып хызмет ете береди.

Қуўанышбай Оразымбетов,

филология илимлериниң докторы, профессор.

(“Халқ сўзи” газетасының 2023-жыл 5-майдағы №91(8434) санынан алынды)

Қарақалпақстан хабар агентлиги