Мектеп оқыўшыларын миллий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың бажыхана тараўына қызығыўшылығын ҳәзирден баслап қәлиплестириў ҳәм келешекте бажыхана уйымлары кадрларының потенциалын арттырыў мақсетинде улыўма билим бериў мектеплеринде шөлкемлестирилген «Жас бажыханашы» дөгереклеринде оқыў-сабақлары даўам етпекте.

Бүгин Нөкис қаласындағы 31-санлы мектепте өткерилген гезектеги оқыў-сабағында шегара бажыхана постларының жумыслары, бажыхана постлары арқалы товар-материаллық байлықлардың алып өтилиўиниң тәртип-қағыйдалары, нормалары ҳаққында мағлыўматлар берилди.



Мәмлекетимиздиң арқа дәрўазасы есапланған «Даўыт ата» шегара бажыхана постында хызмет етип атырған хызметкерлер оқыўшылар менен өзлериниң кәсиплик тәжирийбеси ҳәм көнликпелери менен ортақласты. Бажыханашылық мақтанышлы кәсип, соның менен бирге, жуўапкершиликли екенлиги атап өтилди.

Халықаралық статусқа ийе жүк тасыўлардың әҳмийети, олардың бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестирилиўин әмелге асырыўдың тәртип-қағыйдалары, бажыхана төлемлерин өндириў ушын тийкар болатуғын факторлар ҳаққында да мағлыўматлар берилди.

Оқыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги