Нөкис районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде қарақалпақ поэзиясы ҳәм прозасының көрнекли ўәкиллери И.Юсупов ҳәм Т. Қайыпбергеновлардың туўылған күнлерине арналып «ХХ-әсир қарақалпақ әдебиятының қос байтереги 94 жаста» атамасында байрам кешеси болып өтти.
Кешеде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Р.Отарбаев ҳәм мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Г.Ийсаевалар ХХ әсир қарақалпақ әдебиятының қос байтереги есапланған шайыр И.Юсупов ҳәм жазыўшы Т.Қайыпбергеновтың өмири менен дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.
Илаж даўамында мектеп оқыўшылары И.Юсупов ҳәм Т. Қайыпбергеновлардың дөретпелеринен үзиндилер оқып, шығармаларынан сахналық көринислер атқарды.
З.Иняминова,
Нөкис районындағы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияти пәни муғаллими.
Қарақалпақстан хабар агентлиги