Нөкис қаласындағы 37-санлы қәнигелестирилген мектепте де Өзбекстан Қаҳарманлары, Өзбекстан, Қарақалпақстан халық шайыры ҳәм жазыўшысы Ибрайым Юсупов пенен Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылғанына 94 жыл толыўына бағышланған «Қарақалпақ әдебиятының қос байтереги» атамасында әдебий-кеше өткерилди.
Кешеде мектеп басшылары, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлери шығып сөйлеп, усы еки инсанның әдебиятымызда тутқан орны ҳәм әҳмийетине кеңнен тоқтап өтип, И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновтың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, бул инсанлар өткен әсирдеги қарақалпақ әдебиятының раўажланыўында, оны идеялық, көркемлик, жанрлық ҳәм форма жағынан байытыўда үлкен үлес қосты. И.Юсупов шайырлық қәлеми арқалы дөретпелерин лирикалық, эпикалық, драмалық, прозалық шығармаларында сәўлелендирип, өзиниң изинде сарқылмас поэзия бағын қалдырып кетти.
Ал, Т.Қайыпбергенов өткен әсирдиң ең ири белгили жазыўшыларының бири. Ол өзиниң көп ғана дөретпелери менен қарақалпақ әдебиятында үлкен из қалдырды. Оның очерклери, гүрриңлери, романлары миллий көркем прозамызды байытыўда үлкен рол атқарды.
Кешеде мектеп оқыўшыларының атқарыўында шайыр ҳәм жазыўшының шығармалары бойынша таярланған сахналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди.
Азада Қыдырбаева,
ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги