Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми дүньяда коронавирус пандемиясының өткир басқышын жуўмақлаў ҳәм инфекцияның алдын алыўға қаратылған еки жыллық бағдарламасын жәриялады.

Ҳүжжет 2023-жылдың апрель айынан 2015-жыл апрельге шекемги дәўирге мөлшерленген.

ЖДСШ баслығы Тедрос Гебрейесусты түсиндириўинше, 2022-жылы қабыл етилген алдынғы бағдарламада белгиленген еки стратегиялық мақсет, яғный SARS-CoV-2 тарқалыўы ҳәм өлим көрсеткишин азайтыў ушын диагностика ҳәм шаншыў көлемин кеңейтиў мәселелери елеге шекем әҳмийетли болмақта.

Сонлықтан, шөлкемниң жаңа стратегиясында бул еки мақсет сақлап қалынды ҳәм үшиншиси қосылды. Яғный узақ мүддетли профилактикалық илажларды көриўде мәмлекетлерди қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ,  ҳүжжетте коронавирус белгилери ҳәм даўамлы COVID пенен байланыслы машқалаларды шешиўге өз алдына итибар қаратылған. Бундай жағдайлар коронавирусты жуқтырған наўқаслардың шама менен 6 процентинде бақланбақта.

 

Дилфуза Қуўанышбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги