Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиӊ гезектеги есабатында келтирилиўинше, усы жыл 3-30-апрель күнлери жер жүзи бойынша 2,8 миллион адамда коронавирус инфекциясы анықланды. Олардыӊ 17 мыӊнан асламы кеселлик себепли өмирден көз жумды.

Анализлерге бола, өткен төрт ҳәпте ишинде кеселлениў көрсеткишлери оннан алдынғы 28 күнге салыстырғанда 17 процентке, өлим жағдайлары болса 30 процентке азайған.

Усы дәўирде еӊ көп наўқас дизимге алынған мәмлекетлер:

— АҚШ — 392 мыӊ,

— Қубла Корея — 330 мыӊ,

— Япония — 251 мыӊ,

— Ҳиндстан — 222 мыӊ,

— Франция — 197 мыӊ.

Еӊ көп өлим жағдайлары анықланған мәмлекетлер:

— АҚШ — 5263,

— Бразилия — 1255,

— Россия — 993.

Еслетип өтемиз, пандемия басланғанынан усы күнге шекем Жер жүзинде 765 миллионнан зыят адамға COVID-19 анализи қойылып, олардан 7 миллионға шамаласы қайтыс болды.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги