1. Франция. Бул мәмлекетке туризмнен келетуғын пайда жалпы ишки өним көлеминиң 9% тин қурайды. Мағлыўматларға қарағанда , мәмлекетте туризм тараўында бүгин 3 миллион  адам  хызмет етпекте . Соныӊ ишинде, ең көп саяхатшы Эйфел минарасына келеди.
  2. Испания. Бул мәмлекетке саяхатшылық саласында туризмнен келетуғын пайда мәмлекет жалпы ишки өними көлеминиң 14, 4 % тин  қурайды. Барселона ҳәм Мадрид қалалары саяхатшылар ең көп келетуғын қалалар есапланады. Сондай-ақ,  Жер орта теңизиндеги атаўлар ҳәм  дем алыў орынлары жыл даўамында саяхатшылар менен толы  болады.
  3. АҚШ. Туристлер көбирек Лас-вегас, Нью – Йорк қалалары, Гавай атаўларына дем алыў ушын  барады. АҚШ баратырған саяхатшы , әлбетте, Азатлық  естелигин көриўге ҳәрекет етеди.  Сондай – ақ , Флорида жағасындағы дем алыў орынларына да шет елли саяхатшылар көп келеди.
  4. Қытай. Бул мәмлекетте туристлерди ең көп тартқан обьект бул Уллы Қытай дийўалы болып табылады.Соның менен бирге, Тибет те саяхатшыларды өзине тартыўда әҳмийетли аймақ есапланады.
  5. Италия. Туризм тараўында  алынған пайда мәмлекеттиӊ жалпы ишки өними  көлеминиң 11% тин  қурайды. Саяхатшыларды мәмлекетте көбирек Рим, Милан, Венеция қалалары тартқан. Италияға келген ҳәр бир саяхатшы әййемги дәўирден қалған Римдеги Колизей  сарайын  барып көриўге ҳәрекет етеди.
  6. Түркия. Туризм тараўынан системасынан келетуғын пайда мәмлекеттиң ишки өниминиң  12% тин  қурайды. Бул мәмлекет саяхатшыларды  өзиниң әййемги ҳәм орта әсир ислам мәдениятынан сақланып қалған ҳәм сийрек ушырасатуғын оссуарий қалдықлары ҳәм  Жер орта теңизиндеги дем алыў орынлары менен тартқан. Мысал ушын, халқы 2, 5 миллион болған Антальяға  дем алыў ушын  жылдың биринши шерегиниң  өзинде 3 миллионға шамалас сырт  елли  саяхатшылар келген.

                 Интернет материаллары тийкарында таярланды

 

Фарида Муслатдинова,

ҚМУ дың интернет журналистикасы

тәлим бағдарыныӊ 4- курс студенти

Қарақалпақстан  хабар агентлиги