Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында Өзбекстан Қаҳарманлары, Өзбекстан, Қарақалпақстан халық шайыры ҳәм жазыўшысы Ибрайым Юсупов пенен Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылғанына 94 жыл толыўына байланыслы «Сөнбес жулдызлар» атамасындағы әдебий-композициялық кеше өткерилди.
Кешени Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы директоры, филология илимлериниң кандидаты Б.Диланов кирис сөз бенен ашып, усы еки уллы инсанның қарақалпақ әдебиятында тутқан орнын ҳәм әҳмийетин айрықша атап өтти.
Орайдың тиллерди оқытыў методикасы кафедрасының баслығы, филология илимлериниң кандидаты С.Матекеев, тиллерди оқытыў методикасы кафедрасы доценти ўазыйпасын атқарыўшы Б.Турымбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновтың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, ХХ әсир қарақалпақ әдебиятының раўажланыўында, оны идеялық, көркемлик, жанрлық ҳәм форма жағынан байытыўда үлкен үлес қосқан шайыр И.Юсупов болып табылады. Студентлик дәўиринде-ақ, ол озық ойлылығы менен көзге түскен. И.Юсупов көп жыл даўамында республикамыздың илим ҳәм мәдений турмысына байланыслы белгили лаўазымларда хызмет етти. И.Юсупов шайырлық қәлеми арқалы өзи жасаған заманда қандай жаңалықлар болса, соны лирикалық, эпикалық, драмалық, прозалық шығармаларында сәўлелендирди.
Шайырдың қарақалпақ, рус, өзбек, қырғыз, түркмен тиллеринде отыздан аслам қосықлар ҳәм поэмалар топламлары басылып шықты. Оның «Бахыт лирикасы», «Күн шығыс жолаўшысына», «Ойлар», «Жети асырым», «Дала әрманлары», «Кеўил-кеўилден суў ишер», «Тумарис ҳәм басқалар», «Йош», «Дәўир самаллары», «Аласатлы дүнья бул», «Дузлы самаллар», «Кеўилдеги кең дүня», «Таңламалы шығармалары»ның 1-2-томлығы, «Беглигиңди бузба сен», «Өмир саған ашықпан», «Ҳәр кимниң өз заманы бар» сыяқлы бир неше топламлары басылды. Гүрриң ҳәм очерклер жыйнағы «Fарры туттағы гүз» деген атамада шықты. Драматургия тараўында «Қырқ қыз», «Искендер патшаның түси» песаларын ҳәм «Өмирбек лаққы» комедиясын жазды.
И.Юсуповқа Өзбекстан Қаҳарманы атағы берилип, «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлери менен сыйлықланды. Ол Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Қарақалпақстан көркем өнерине мийнети сиңген ғайраткер, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик сыйлығының ҳәм Хамид Әлимжан атындағы Өзбекстан Жазыўшылар сыйлығының лауреаты. Оған 1999-жылы «Ҳүрметли профессор» атағы берилди.
И.Юсупов Қарақалпақстан Республикасы Гимниниң авторы.
Белгили шайыр қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына үлкен үлес қосып, өзиниң изинде сарқылмас поэзия бағын қалдырып кетти.
Ал, Т.Қайыпбергенов өткен ХХ әсирдиң белгили жазыўшысы. Ол өзиниң көп ғана дөретпелери менен қарақалпақ әдебиятында үлкен из қалдырды. Оның очерклери, гүрриңлери, романлары миллий көркем прозамызды байытыўда үлкен рол атқарды.
Болажақ жазыўшы еле аўылдағы мектепте оқып жүрген ўақытларында-ақ, зийрек ҳәм көп оқыўды қәлейтуғын, қунтлы оқыўшы болды. Кейин, Хожели педагогикалық училищесинде оқып, өз аўылында муғаллим болды.
Ол әдебият пенен, жазыўшы шайырлар менен танысып, булардан алған ҳәм өзи турмыста байқаған тәсирлерин қосыққа айландырып жаза баслады. Оның ең дәслепки гүрриң ҳәм очерклери «Блокнот сөйлейди» деген топламында басылып шықты. Оның ҳәзирге шекем «Секретар», «Муғаллимге рахмет», «Суўық тамшы», «Уйқысыз түнлер» повестлери, «Қарақалпақ қызы», «Қарақалпақ дәстаны», «Көздиң қарашығы» романлары, «Қарақалпақнама» роман-эссеси, сондай-ақ жазыўшының «О дүнядағы атама хатлар», «Қәлбимниң қамусы», «Түркийнама» ҳәм тағы басқа дөретпелери ҳәзирги қарақалпақ прозасының буннан былай да раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.
Жазыўшы өз дөретиўшилигиниң дәслепки жылларында поэзия менен шуғылланған болса, 1955-жылларға келип проза жанрына бет бурды. Усы жылы оның «Почталон келгенде» атлы гүрриңи биринши рет жарық көрди. Ол қарақалпақ прозасын раўажландырыўда қосқан үлеси ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик, Ҳамза атындағы Өзбекстан Мәмлекетлик сыйлықларына миясар болды. Буннан басқа ол 1980-жылы «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы ушын бурынғы аўқамның мәмлекетлик сыйлығына, «Қарақалпақнама» роман-эссеси ушын М.Қашғарий атындағы дүнья (Орта Азия) халықлары әдебиятшыларына берилетуғын сыйлыққа миясар болды.
Жазыўшының мийнетлери мәмлекетимиз басшылары тәрепинен әдил баҳаланып, оған 2003-жылы Өзбекстан Қаҳарманы атағы берилди.
Т.Қайыпбергенов республикамызда белгили жумысларда хызмет етип, өмириниң ақырына шекем Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамын басқарды.
Кешеде шайыр ҳәм жазыўшының шығармалары бойынша орайда билимин арттырып атырған қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлери тәрепинен таярланған сахналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги