Әнжир витаминлерге бай мийўе болып , сондай-ақ, асқазан-ишек жолларына пайдалы тәсир ететуғын, организм ушын пайдалы аўқат деп атады, себеби ол клетчаткаға бай. Әнжир ас сиңириў системасын нормалластырады, сондай-ақ, ишеклерде жасайтуғын бактериялар ушын пребиотикалық – азық-аўқат сыпатында хызмет етеди. Соныӊ менен бирге шыпакер иш қатыўында ас сиңириўди тиклеў ушын әнжир жеўди мәсләҳәт берди.

«Егер сизде иш қатыўы пайда болса әнжир жең. Бирақ оның артықша муғдары диарея ҳәм метеоризмди келтирип шығарыўы мүмкин»,-деп ескертти диетолог-Светлана Фус

 

Фарида Муслатдинова,

ҚМУ дың интернет журналисткасы 

тәлим бағдарыныӊ 4- курс студенти

Қарақалпақстан  хабар агентлиги