«Windows 11» операциялық системасында смартфонды компьютер менен тиккелей синхронластырыўға мөлшерленген «Microsoft» компаниясының «Телефонға жалғаныў» қосымшасы 26-апрельден баслап глобаллық көлемде басқышпа-басқыш енгизилип басланды.

Жалғаныў шәртлери оғада әпиўайы болып, еки қурылмада актив «Bluetooth» талап етиледи. Онда «iОS» хабарларын тиккелей «Windows 11» жумыс столында көриў менен бир қатарда, телефон қоңыраўларын әмелге асырыў ҳәм қабыллаў, текстли хабарларды жибериў ҳәм қабыллаў имканиятлары да бар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги