Ҳүжжет пенен Өзбекстанның барлық пуқаралары Қырғызстанға, тап усы тәризде Қырғызстан пуқаралары Өзбекстанға ID-карта арқалы кириўи мүмкин болады (бурын тек ғана сырт елге шығыў паспорты менен мүмкин еди).
Бул тәртип әсиресе Өзбекстанның эксклав аймақлары болған Сўх, Шаҳимардан, Чўнғара сыяқлы аймақлардағы ўатанласларымыз ушын үлкен жеңиллик болады, олардың шегарадан өтиўиндеги артықша бюрократияға шек қояды.
Еслетип өтемиз, бул өзгерислерди нәзерде тутатуғын келисимге 2023-жылы 27-январьда Ш.Мирзиёевтиң Қырғызстанға сапары даўамында қол қойылған еди. Өзбекстан тәрепи келисимди 26-апрель күни ратификациялаған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги