Буннан былай Click арқалы картадан картаға өткермелерди бийпул әмелге асырыў мүмкин.

Uzcard ҳәм Humo карталары пайдаланыўшылары картадан картаға өткермелерди комиссиясыз әмелге асырыў имканиятына ийе. Ҳәр айда 10 000 000 сумға шекемги қаржыны бийпул өткериў мүмкин.

Бийпул өткермелерди әмелге асырыў имканиятына тек ғана Click Premiumға ағза болған пайдаланыўшылар ийе.

Click Premiumға жазылыўдың және қандай абзаллықлары бар?

«Cashback»лер:

  • Premium -жазылыў коммунал төлемлер, мәмлекетлик хызметлер төлемлери, ресторанлар, кафе ҳәм басқа да орынларда төлемлер ушын еки есе сashback усынады. Тек ғана ўақытты үнемлеў емес, ал еки есе «сashback»лерде пул табыў мүмкин.
  • Мобиль байланыс төлемлеринде 5 процентке шекем сashback. Байланыс төлемлери максимал дәрежеде қолайлы ҳәм пайдалы.

Жазылыўдың қосымша абзаллықлары:

Premium қоллап-қуўатлаў. Телеграм-бот арқалы әйне Premium-пайдаланыўшылар ушын ажыратылған Click Call-орайы хызметкери менен реал ўақытта сөйлесиў мүмкин.

Бийпул мониторинг ҳәм карталар тарийхы. Premium-жазылыў менен карталарда барлық финанслық операцияларды бийпул өткериў мүмкин.

Қосымшаны алтын тема менен безеген ҳалда басқалардан ажыралып турыў мүмкин. Тек ғана Premium-пайдаланыўшыларының тийкарғы экраны алтын тема менен безелиўи мүмкин.

Premium-жазылыўды қолайлық пенен қосымшасында жалғаў мүмкин. Жазылыўдың баҳасы айына 50 мың сумды қурайды ҳәм оперативлилик пенен өзин ақлайды.

Әпиўайы математика: буннан былай айына 10 миллион сум өткергенде сиз 1 процент стандарт комиссия ушын тек ғана 100 мың сум жумсамайсыз, ал 50 мың сум үнемлейсиз.

Буннан тысқары, -жазылыў менен коммунал ҳәм мәмлекетлик хызметлер, кафе ҳәм ресторанларда төлемлерди әмелге асып, еки есеге «сashback»лерде бийпул ислейсиз. Сондай-ақ, мобиль байланыс төлемлери 5 процентке шекем сashback қайтарады.

Булардың ҳәммеси биргеликте сизге косымша финанслық пайда береди.

Барлық сashbackлер Click Up қосымшасындағы Click-қалтаға барып түседи ҳәм әйне усы бонуслардан жаңа ай ушын жазылыўды сатып алыў ҳәм пайда табыў мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги