Өзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында М.Әўезов атындағы Қубла Қазақстан университети «Мәденияттаныў ҳәм социаллық жумыс» кафедрасы баслығы, Мәденияттаныў илимлери бойынша философия докторы Алтынай Қадралиева ҳәм усы университеттиң аға оқытыўшысы Гәўҳар Назановалар мийманда болды.

Дәслеп мийманлар филиал директоры А.Аяповтың қабыллаўында болып, ушырасыўда илим-билимлендириўди раўажландырыўда халықаралық тәжирийбелердиң әҳмийети атап өтилди.

Бул хызмет сапары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы ҳәм М. Әўезов атындағы Қубла Қазақстан университети арасында 2019-жылы дүзилген бирге ислесиў шәртнамасы тийкарында әмелге асырылып атырған болып, ҳәр жылы профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерди академиялық алмасыў бағдарламасы шеңберинде қазақстанлы тәжирийбели профессор-оқытыўшылар филиал студентлерине сабақ өтип келмекте.

Сапар даўамында қазақстанлы оқытыўшылар филиалдың «Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» тәлим бағдарының студентлерине шеберлик сабақларын өтти.  Сондай-ақ, филиалдың жас оқытыўшылары менен де ушырасып, илимий изертлеў жумысларын алып барыў, белгили халықаралық илимий техникалық базалар Web of Science ҳәм Scopus пенен ислесиў, «Хирш»  индексин жоқарылатыў бойынша семинар өтип, өз-ара тәжирийбе алмасты.







Мағлыўмат орнында соны айтып өтиўимиз тийис, М. Аўезов атындағы Қубла Қазақстан университети Қазақстан Республикасының ең көп студент-жаслар билим алатуғын жоқары оқыў орынларының бири болып,  2022-жылдың нәтийжелерине бола ол «Дүньяның ең жақсы университетлери» 1000 лық рейтингинде 443-орынды ийелеген.

 

Б.Султамуратов

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы Халықаралық

бирге ислесиў бөлиминиң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлги