Нызамшылыққа бола, мектеп питкериўшилериниң питкериў гуўалығындағы 11 жыллық билимлендириўдиң сонғы 6 жыллық баҳалары Жоқары оқыў орынларына кириўдеги балға қосылады. Баҳалар электрон платформалар арқалы есапланады ҳәм Мәмлекетлик тест орайының “ABITUR” бағдарламасына жибериледи.
Баҳалардың орташа көрсеткиши 6-11-класлардағы яки 6-9-класслар ҳәм 1-2-басқышлардағы жыллық баҳалардың улыўма жыйындысын оқытылған пәнлерге бөлиў арқалы шығарылады.
Максимал балл 100 процент деп алынады ҳәм баллар баҳа системасына төмендегише өткериледи:
86–100 просент ушын – 5 баҳа;
71–85 просент – 4 баҳа;
56–70 просент – 3 баҳа;
56 просентке шекем – 2 баҳа.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Дәрек: интернет материаллары тийкарында таярланды
Қарақалпақстан хабар агентлиги