Наполеон Хилл, “Ойла ҳәм бай бол” (1937) — 75 миллион нусқада шығарылған. Бул китап автордың 20 жыл даўамындағы мийнети болып есапланады. Журналист Хилл 1917 – жылда жетекши исбилерменлердиң әўмет формулаларын жаратыў бойынша буйыртпа алады ҳәм узақ жыллар даўамында 500 ден аслам бай адам менен сәўбетлеседи. Соннан кейин олардың ең жақсы пикирлерин жыйнап, жуўмақластырып “Ойла ҳәм бай бол” шығармасын жазады. Бул китап тез арада табысқа ериседи. Кейинирек автор “Әўмет нызамлары”, “Байлық гилти” сыяқлы дөретпелерин де китапқумарларға усынады.
Ден Браун “Да Винчи сыры” (2003) — 85 миллион нусқа. Тарийхтың сырларын ашыўға урынған бул китаптың өзи де, сол тийкарда исленген фильм де үлкен табысқа еристи. Кейинирек автор “Периштелер ҳәм шайтанлар” шығармасын да жазады.
Сао Сюетсин “Қызыл терезедеги уйқы” (басланыўы 1791 ж.) 100 миллион нусқа. Бул тек ғана китап емес, үлкен дәўирди қамтып алған топлам болып табылады. Дәслепки бөлимлери Сао Сюетсин тәрепинен жазылған ҳәм есап – санақларға бола 100 млн нусқада баспадан шығарылған. Бул дөретпе Қытайдың ең уллы төрт романынан бири есапланады. Соның менен бирге, китапта 40 тан аслам бас қаҳарман, 500 ден зыят екинши дәрежели қаҳарман болып, олардың ҳәр бири дөретпе композициясында айрықша орын тутады.
Агата Кристи, “10 негр баласы” (1939 ) — 100 миллион нусқа. Бул китап дүньяның көплеген мәмлекетлеринде “Ҳәмме набыт болды” деген атамада басып шығарылған. Детектив жанрдың ең жақсы шығармасы дәрежесине көтерилген бул шығарма тийкарында көплеген фильмлер дөретилген.
Жоан Роулдиң “Гарри Поттер ҳәм ҳикметлер тасы” (1997) — 107 миллион нусқа. Жоан Роулдиң бул шығармасы инсаният, әсиресе балалар виртуал дүньяға қызығыўға кирискен бир ўақытта дүнья жүзин көрди ҳәм көпшиликти китапларға қайтара алды. “Гарри Поттер”ди көплеген баспалар басып шығарыўды қәлемеген. Бирақ бәрибир әўмет Роулинге күлип бағады. Атап айтқанда, “Гарри Поттер” оны биринши жазыўшы -миллиардерге айландырды. Соң Поттердиң ҳәдийселери ҳаққында да дөретпелер жәрияланды ҳәм фильмлер түсирилди.
Маргарет Митчелл “Самалларда қалған сезимлерим” (1936 ) — 130 миллион нусқа. Маргарет Митчелл өзиниң атақлы ҳәм бирден-бир шығармасын кәсибинен бас тартып, үй бийкесине айналған ўақтында жазған. Дөретпе сол дәрежеде атақлы болып кетти, Маргарет өмириниң қалған 12 жылын тек сол китап пенен байланыслы жумысларға – кино, театр ҳәм басқа тиллерге аўдарыў сыяқлы жумысларға сарплады. Ең қызығы көп ақша усынғанларына қарамастан ол басқа дөретпе жазбады.
Жан Роналд Руел Толкиен. “Хоббит” (1937) — 130 миллион нусқа. Тийкарынан бул дөретпе “Жүзиклер ҳүкимдары”ның бир бөлеги ретинде жазылыўы керек еди. Бирақ узақты көре билген ҳәм үлкен пайданы гөзлеген баспалар авторды бөлек китап етиўге көндиреди ҳәм қәтелеспейди. Себеби “Жүзиклер ҳүкимдары” сыяқлы болмаса да, жүдә көп нусқада сатылады. Бул дөретпе тийкарында да әжайып фильмлер түсирилген.
Антуан де Сент-Экзюпери. “Кишкене шаҳзада” (1943) — 140 миллион нусқа. Тийкары ушыўшы болған Антуан де Сент-Экзюпери тек ғана 44 жыл өмир сүрген болса да, тарийхқа өз атын үлкен ҳәриплер менен жазып қалдырды. Ол басқа бир неше дөретпелер де жазған, бирақ оның өмири бир жыл қалғанында баспадан шығарылған “Кишкене шаҳзада”сы жазыўшыға дүнья жүзилик абырай берди. Тек ғана балалар емес, үлкен жастағылар тәрепинен де жақсы көрип оқылатуғын дөретпе.Бул китап дүньяның дерлик барлық тиллерине аўдарылған.
Жан Роналд Руел Толкиен. “Жүзиклер ҳүкимдары” (1954) — 150 миллион нусқа.. Көбимиз бул дөретпе тийкарында исленген фильмлерди көремиз. Автор бул китабы үстинде 1937 – жылдан 1949- жылға шекем ислейди. Бирақ сонда да китап тезлик пенен басып шығарылмайды. Дөретпе үшке бөлинеди ҳәм трилогияға айландырылады.
Чарлз Диккенс. “Еки қала ҳаққында аӊыз” (1859 ). 200 миллон нусқа. “Еки қала ҳаққында қысса” романында Чарлз Диккенс өз дәўириниң жәмийетлик-сиясий мәселелерин шеберлик пенен сәўлелендиреди. Автор инглиз жәмийетиндеги наҳақлықларды, класслық қарама-қарсылықларды, француз революциясының ақыбетлерин қәлемге алар екен, әдебият тарийхында дәслепки рет революцияшылардың сол күнге шекем мәмлекетти басқарган ақсүйеклерге салыстырғанда рейимсиз болатуғынын сүўретлейди. Сол себепли батыста үлкен абырайға ийе болыўына қарамастан, шама менен 200 миллион нусхада баспадан шығарылған бул дөретпе көпшилик мәмлекетлерде оқыўшылар қолына жетип бармаған.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Дәрек: интернет материаллары тийкарында таярланды
Қарақалпақстан хабар агентлиги