Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында студент–жаслар ушын суўда ығып кетиўге байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң себеплери ҳәм олардың алдын алыў бойынша ушырасыў өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Арнаўлы ўазыйпаларды атқарыў аймақлық қутқарыў отрядының командири, аға лейтенант С.Юлдашев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, айрықша жағдайларда қайтыс болғанлардың 40 проценттен асламы тәбийғый ҳәм техноген қәсийетли айрықша жағдайлар шараятына дурыс баҳа бере алмаслығы, әсиресе, бундай шараятта дурыс ҳәрекетлениў жолларын таба алмаўы нәтийжесинде кеўилсиз жағдайларға дус келетуғынын атап өтти.
Тәжирийбелер даўамында жәбирленгенлердиң санын азайтыўда халықтың айрықша жағдайлардағы қәўипсизлик мәдениятын арттырыў, қәўипсизлик қағыйдаларын нәтийжели үгит-нәсиятлаў, үйретиў әҳмийетли екенлиги дәлилленген. Бундай жағдайда усы тараўдағы тәжирийбели ҳәм билимли қәнигелердиң орны әҳмийетли болып табылады.
-Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 16-ноябрьдеги «Суў бассейнлеринде ығып кетиўге байланыслы кеўилсиз ҳәдийселердиң алдын алыў бойынша илажлар режеси»ниң талаплары тийкарында филиалымызда қәнигелер менен ушырасыў ҳәм көргизбели семинар шөлкемлестирилди, -дейди филиал директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары С.Ганиев. –Режеге бола, филиалымыздың профессор-оқытыўшылары, хызметкерлери ҳәм студент-жасларынан ибарат 200 ден аслам тыңлаўшының усы бағдардағы саўатлылығы арттырылды.
Сабақлар теориялық ҳәм әмелий басқышларда шөлкемлестирилип, илаж қатнасыўшыларына айрықша жағдайлар арасында суўда ығып кетиўге байланыслы жағдайлардың себеплери, пуқаралардың айрықша жағдайларға таярлығы, ҳәр бир жағдайдың өзине тән тәреплери ҳәм олардың алдын алыў тәртиби ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди. Суўда ығып кетиўдиң алдын алыўға арналған техникалық әсбап-үскенелер, арнаўлы автомобильлер көргизбеси шөлкемлестирилип, қәнигелер олардан пайдаланыў қағыйдалары туўралы кең түрде түсиник берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги