Нөкистеги Жаслар орайында балалар ҳәм жаслар ушын «Сум бала 2023» кинофестивалы өткерилип, Германиялы кинорежиссёрлар тәрепинен сүўретке алынған немис тилиндеги еки фильм көрсетилди.

Өзбекстандағы Австрия ҳәм Швейцария елшиханаларының қоллап-қуўатлаўы менен Гёте институты тәрепинен Халықаралық «Шлингель» (Хемниц, Германия) кинофестивалы ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте өткерилген илажда пайтахтымыздағы немис тили оқытылатуғын улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары, жоқары оқыў орынлары шет тиллери факультетиниң студент-жаслары қатнасты.


Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманына бола, мектеп оқыўшыларының бос ўақтын мазмунлы өткериў, олардың мәдений ҳәм руўхый дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген илажда Гёте институтының директоры Марен Нимаер, Халықаралық «Шлингель» кинфестивалының директоры Михаил Харбауер, фильм дөретиўшилери ҳәм актёрлары сөзге шығып, фестивальдың ашылыўы менен қутлықлады.

Быйылғы «Сум бала 2023» кинофестивалы бағдарламасы бойынша нөкисли жасларға «Франц ҳаққында гүрриңлер» ҳәм «Тоғай қарақшысы Хотценплотц» фильмлери қарақалпақ тилине аўдарылған субтитрлер менен немис тилинде көрсетилди.


– Өзбекстанда немис тилине қызығатуғын жаслар санының көп болғаны ушын институтымыз тәрепинен усы фестивальды шөлкемлестирдик, -дейди Гёте институтының директоры М.Нимаер. – Фестиваль Өзбекстан көлеминде оныншы ҳәм Нөкисте биринши мәрте өткерилмекте. Оқыўшылардың билимин байытыў, немис тилин үйренип атырған жасларға миннетдаршылығымызды билдириў мақсетинде халықаралық балалар ҳәм жаслар киноиндустриясындағы ең соңғы, әҳмийетли мәселелерди көтериўши фильмлерди алып келдик.

Фильмлер көрсетилип болынғаннан соң, тамашагөйлер менен сәўбет шөлкемлестирилип, олардың фильмлер ҳаққындағы пикир-усыныслары тыңланды.

Илаж даўамында Нөкистеги 1-санлы айырым пәнлерге қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеби пенен Германияның Гёте институты арасында бирге ислесиў бойынша шәртнамаға қол қойылды.


– Бул фестивальдың Нөкисте өткерилип атырғанынан қуўанышлымыз. Себеби немис тилиндеги бундай фильмлер усы тилди үйренип атырған жасларымызға үлкен жәрдем болады, -дейди 1-санлы қәнигелестирилген мектеп директоры Г.Әбдирова. – Бүгин Гёте институты менен бирге ислесиў шәртнамасын және еки жылға создық. Өткен жылы бир жылға дүзилген шәртнама тийкарында бир қанша жумыслар әмелге асырылып, оқытыўшыларымыздың өз-ара тәжирийбе алмасыўына ерисилди. Институт мектебимизди сабақлық, методикалық қолланбалар менен тәмийинлеўде, ҳәр қыйлы жойбарларда қатнасыўға, сондай-ақ, билими жоқары оқыўшыларымыздың жазда Германиядағы дем алыў орайларында дем алыўына жәрдем береди.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы