«Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 5647-санлы Президент пәрманында жоқары оқыў орны профессор-оқытыўшылары тәрепинен «Scopus», «Web of Science», «Science Direct» ҳәм басқа да халықаралық мағлыўматлар илимий-техникалық базаларында индекске ийе болған илимий журналларда илимий мақалаларды баспадан шығарыў бойынша мақсетли көрсеткишлерди әмелге асырыў белгиленген.
Усы мүнәсибет пенен быйылғы жылдың 3-4-май күнлери Қарақалпақстан медицина институтында «Халықаралық мағлыўматлар базасы менен ислесиў, диссертациялық жумысларды таярлаў тәртиби ҳәм жоқары рейтингке ийе журналларда илимий мақалаларды баспадан шығарыў» бойынша семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Оған профессор-оқытыўшылар, докторантлар, магистрантлар ҳәм клиникалық ординаторлар қатнасты.
Семинар-тренинг тәжирийбели устаз, Ташкент информациялық технологиялар университети профессоры, техника илимлериниң докторы Марат Рахматуллаев ҳәм ««E-line Press» компаниясының тренинглер бөлими баслығы Наргиза Пазилова тәрепинен өткерилди.
Семинар барысында қатнасыўшыларға халықаралық илимий-техникалық базалар, олардың түрлери, әҳмийети, бул базалардан пайдаланыў тәртиплери, сондай-ақ, илимий мақаланың структурасы, жазыў тәртиплери, журналларды таңлаў, «жыртқыш» журналлардың өзгешеликлери, плагиатқа қарсы бағдарламалардан пайдаланыў бойынша кең түсиник берип өтилди.
Соның менен бирге, илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланып атырған хызметкерлерге диссертациялық жумыс бойынша терең мағлыўматлар берилди. Тренинг бағдарламасына сәйкес, режелестирилген модуллер шеңберинде теориялық билимлер бериў менен бир қатарда әмелий сабақлар да орын алды.
Еки күн даўам еткен семинар-тренинг курсы жоқары дәрежеде өткерилди ҳәм тыңлаўшылар өзлерине зәрүр мағлыўматларды алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы