2023-жыл 4-май күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқыншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди. Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.
Дәслеп «Халықаралық мийнет шөлкеминиң хызметкерлерди жумыс орнындағы ҳаўаның патасланыўы, шаўқым ҳәм тербелислер себепли пайда болатуғын кәсиплик қәўип-қәтерлерден қорғаў ҳаққындағы 148-санлы Конвенциясын (Женева, 1977-жыл 20-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Конвенцияның тийкарғы мақсети миллий нызамшылық ямаса нормативлик ҳүжжетлер арқалы жумыс орнындағы ҳаўаның патасланыўы, шаўқым ҳәм тербелислер себепли кәсиплик қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ҳәм шеклеўге қаратылған илажларды белгилеўден ибарат.
Сенаторлар тәрепинен Конвенцияны ратификациялаўда системалы қадағалаў илажларын, соның ишинде, жумыс орынларында мийнет шараятларын, зыянлы ҳәм қәўипли өндирис факторларын, мийнет процесслериниң аўырлығы ҳәм тығызлығын сондай-ақ, әсбап-үскенелердиң жарақатлаў қәўпин баҳалаў белгиленген.
Додалаў процесинде Конвенцияның ратификацияланыўы хызметкердиң ҳуқықларын қорғаўдың қосымша кепилликлерин жаратыў имканиятын бериўши ҳәм мийнетти қорғаў миллий системасын және де жетилистириўге сезилерли түртки беретуғыны атап өтилди.
Бул Конвенция дүньяның 47 мәмлекети тәрепинен ратификацияланған.
Сенаторлар Конвенцияның ратификацияланыўы миллий нызамшылықты жетилистириўге, мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик бойынша халықаралық стандартлардың нәтийжели енгизилиўин тәмийинлеўге хызмет ететуғынын, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң хызмкетерлер ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы халықаралық принцип ҳәм стандартларға садықлығын көрсететуғынын атап өтти.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Тәжикстан Республикасы арасында форс-мажор жағдайларда мәмлекет авиациясының ҳаўа кемелери тәрепинен ҳаўа аймағы ҳәм аэродромлардан пайдаланыў тараўында өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимди (Душанбе, 2021-жыл 10-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.
Атап өтилгениндей, келисимниң тийкарғы мақсети форс-мажор жағдайларында мәмлекет авиациясы ҳаўа кемелериниң ҳаўа аймағы ҳәм аэродромлардан пайдаланыў тараўында өз-ара бирге ислесиўдиң бирден-бир тәртибин белгилеўден ибарат.
Ҳүжжетке муўапық, форс-мажор жағдайлары пайда болғанда тәреплер мәмлекеттиң ҳаўа аймағын қысқа мүддетли кесип өтиўге, өз аэродромларынан бирине резерв сыпатында қоныў ушын ушын руқсат бериўге ҳақылы екенлиги нәзерде тутылған.
Ҳүжжеттиң ратификацияланыўы пәрўазлар қәўипсизлигин және де тәмийинлеўге хызмет етеди.
Сенаторлар бул Келисимниң ратификацияланыўы еки мәмлекет арасындағы консруктивлик ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң логикалық даўамы болатуғынын, бул регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, сондай-ақ, пүткил Орайлық Азия регионының турақлы раўажланыўына хызмет ететуғынын атап өтти.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.
Додалаўларда атап өтилгениндей, нызам пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының статусын ҳәм сайлаў системасын жетилистириўге, сайлаў қатнасыўшыларының ҳуқықый кепилликлерин күшейтиўге, соның ишинде, жергиликли Кеңеслерге сайлаўлар бойынша сайлаў нызамшылығындағы ҳуқықый бослықларды сапластырыўға қаратылған.
Нызам менен ҳәр жыллық жергиликли бюджетлерде босап қалған депутатлық орынлары ушын сайлаўларға таярлық көриў сондай-ақ, оларды өткериўге байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў тәртиби, сондай-ақ, бул процессте Орайлық Азия сайлаў комиссиясының ўәкилликлери белгиленбекте.
Бул өзгерислер ўәкилликли уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етиўи, пуқаралардың өз ўәкилликлери арқалы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларды басқарыўда қатнасыўға болған конституциялық ҳуқықларын ҳәр тәреплеме әмелге асырыўы ушын шараят жаратады.
Сенаторлар нызам менен жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 128-статьясынан келип шығып, нызамшылыққа аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят ислегени ушын еркинен айырыў орынларында сақланып атырған пуқаралардың сайлаў ҳәм референдумда қатнасыўға байланыслы ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған қосымша кепилликлер белгиленгенлигин де атап өтти.
Нызам пуқаралар жыйынлары жумысының ҳуқықый тийкарларын және де беккемлейтуғыны атап өтилди. Атап айтқанда, нызамда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм пуқаралар жыйыны баслығының статусына байланыслы айырым нызам ҳүжжетлериниң нормалары жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 127-статьясына муўапықластырылмақта.
Сенаторлар тәрепинен нызам менен босап қалған орынларға ҳәм жаңадан шөлкемлестирилген ҳәкимшилик-аймақлық бирликлерде жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўын өткериў тәртиби менен байланыслы айырым ҳуқықый бослықлар да сапластырылып атырғанлығы атап өтилди.
Жалпы мәжилисте нызам менен усыныс етилип атырған жаңа нормалар ҳәм тәртип-қағыйдалар Европа Аўқамы, Грузия, Россия Федерациясы, Қазақстан, Әзербайжан, Беларусь, Армения, Украина сыяқлы сырт еллердиң тәжирийбесине сәйкеслиги атап өтилди.
Додалаўлар даўамында нызам халықаралық стандартлар, атап айтқанда, Европа Кеңеси Венеция комиссиясы сондай-ақ, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң усыныслары, Демократиялық сайлаўлар, сайлаўға байланыслы ҳуқықлары менен еркинликлер стандартлары ҳаққындағы конвенция талапларына сәйкес екенлиги атап өтилди.
Сенаторлар нызам сайлаў системасын жетилистириўге, сайлаў қатнасыўшыларының ҳуқықый кепилликлерин күшейтиўге, пуқаралар жыйынлары жумысының ҳәм референдумда қатнасыўдың ҳуқықый тийкарларын және де беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Додалаўлар жуўмағында сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам мақулланды.
Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен 6 нызам көрип шығылды.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқыншы жалпы мәжилиси жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети